Жас таэквондошыларымыз жәҳән чемпионатында алтын ҳәм қола медальларын қолға киргизди

    БАӘде өткерилип атырған Кадетлер арасында таэквондо WТ бойынша жәҳән чемпионатының бүгинги күни сайланды командамыз ушын әўметли болып өтти.

    Онда, маўасасыз беллесиўлерде жерлеслеримиз 1 алтын ҳәм 1 қола медалына ийе болды.

    -65 кг салмақ категориясында қатнасқан Никита Бибиков барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизди. Бибиков финалда иранлы Амир Ағамоҳаммадиден үстин келди. Сондай-ақ, қызлар арасында -41 кг салмақ категориясында Райҳона Асанбоева ярым финалға жетип барып, қола медаль ийесине айланды.

    Солай етип, сайланды командамыздың усы жарыста ҳәзирше 2 алтын ҳәм 1 қола медальларын жеңип алыўға еристи.