Бағдарламаға әллеқашан мәмлекеттиң ең ири мобил операторлары - SK Telecom, KT ҳәм LG Uplus қосылды, деп жазады RuNews24.

Илим ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары министрлигинде атап өтилгениндей, бүгинги күнде онлайн хызметлерден пайдаланыў пуқаралардың тийкарғы зәрүрлиги болып есапланады, соның ушын мәмлекет ҳәр бир адамға минимал санлы байланыс дәрежесин кепиллеўге умтылмақта. 400 Кбит/с тезлик мессенджерлерде хат жазысыў, навигация, банк операциялары ҳәм әҳмийетли мағлыўматларға кириў ушын жетерли болады, бирақ видео көриў ҳәм басқа да көп ресурс талап ететуғын жумыслар ушын бул жетерли болмайды.

Жаңа илаж ҳәзир шексиз тарифлерге ийе болмаған 7 миллионнан аслам пайдаланыўшыға тәсир етиўи күтилмекте. Ҳүкиметтиң есап-санақларына бола, бул абонентлерге ҳәр жылы мобил байланыста үлкен муғдардағы қаржыларды үнемлеў имканиятын береди.

Буннан тысқары, Қубла Корея операторлары баҳасы дерлик 20 мың вон болған арзан 5G тарифлерин иске қосады, 65 жастан жоқары пуқаралар ушын хызметлер топламын кеңейтеди ҳәм поездлардағы Wi-Fi сапасын жақсылайды.

Мәмлекет басшыларының атап өтиўинше, санластырыў ҳәм жасалма интеллект раўажланып атырған дәўирде интернеттен пайдаланыў "маба" емес, ал ажыралмас ҳуқық ҳәм күнделикли турмыстың әҳмийетли бөлегине айланбақта.