Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Юлдуз Маҳмудова гигант-слалом бағдарламасының беллесиўлеринде стартқа шықты.

«Tofane Alpine Skiing Centre» комплексинде шөлкемлестирилип атырған жарыстағы дәслепки урынысында Юлдуз Маҳмудова 1:46.64 секундта финиш сызығын кесип өтти. Жерлесимизди алдында екинши басқыш күтип турыпты. Спортшымыздың кейинги шығыўы Ташкент ўақты менен 16:45 тен кейин басланады, деп хабар береди Миллий Паралимпия комитетиниң баспасөз хызмети.