Жарыста қатнасқан 21 жаслы Өзбекстан ўәкили Фирдавс Худоятов биринши шынығыўда 1:32.12 нәтийжени көрсетсе, екинши стартта 1:35.20 ўақыт пенен жуўмақлады.

Ҳаял-қызлар гигант слаломында мәмлекетимизди Юлдуз Маҳмудова қорғады. Италияның Кортина-д‘Ампеццо қаласындағы «Tofane Alpine Skiing Centre» комплекси трассасында ол биринши урыныўда 1:46.64, екинши стартта 1:47.77 нәтийже көрсетти.

Усының менен Өзбекстан ўәкиллери Милан ҳәм Кортина-д‘Ампеццо қалаларында болып өткен қысқы Паралимпия ойынларының пара таў спорты жарысларындағы қатнасыўын жуўмақлады.