Турнирде дүньяның 20 дан аслам мәмлекетинен 1300 ге шамалас жас спортшы қатнасты. Итибарлы тәрепи, бул жарыслар тарийхында биринши мәрте спортшы қызлар да қатнасты, деп жазады "Дунё" МА.
Халықаралық турнирде Өзбекстаннан 9 адамнан ибарат делегация қатнасты. Онда Өзбекстан сумо федерациясының баслығы Камол Усмонов, федерация баслығының орынбасары Дилмурод Қурбонов, бас тренер Ҳусниддин Ҳусанов, сондай-ақ, алты жас спортшы - Шахин Умаралиев, Камолбек Йўлдошев, Ҳожиакбар Турғунов, Муҳриддин Холбоев, Баркамол Абдулҳакимов ҳәм Зиёдахон Қурбонова қатнасты.
Жарыс даўамында өзбекстанлы спортшылар өз жас категорияларында күшли қарсыласлар менен беллесиўлер өткерди. Атап айтқанда, жақында ғана сумо спорты менен шуғылланыўды баслаған талантлы жас спортшымыз Ҳусниддин Ҳусанов Монғолия, Израил, Эстония ҳәм Япония ўәкиллери менен кескин беллесиўлерде мүнәсип қатнасып, абырайлы халықаралық турнирдиң бронза медалын қолға киргизди.
Бул жарыс жас спортшылардың жарыс тәжирийбеси ҳәм шеберлигин арттырыў, Өзбекстанның халықаралық спорт абырайын беккемлеўде әҳмийетли майданға айланды.