БМШ системасындағы бул абырайлы структура менен нәтийжели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, усы жылдың гүзинде Самарқанд қаласында шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң әмелий тәреплери додаланды.
Көп қырлы шериклик бүгинги күнде жоқары дәрежеде екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстанның басламасы менен мәлимлемеден пайдаланыў ҳәм балалар билимлендириўи мәселелери бойынша резолюциялар қабыл етилди.
Мәмлекетимиз Мәдений байлықларды сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық орайға ағза болды. Бухара "Креатив қалалар тармағы"на қосылды. Самарқандтағы Жипек жолы университетинде ЮНЕСКО кафедрасы ашылды. Өткен жылы билимлендириў, мәденият, санлы ҳәм инновациялық технологиялар тараўларында 7 жаңа жойбарды әмелге асырыў басланды.
Туран шөллери ҳәм Зарафшан-Қарақум жолы, пиллешилик, гүлалшылық, рубаб шертиў ҳәм ифтарлық дәстүрлери, "Бухара әмири дийўанханасы архиви", "Түркстан альбомы", "Худайберген Девонов фотоальбомы" ЮНЕСКОның арнаўлы дизимлерине киргизилди.
Самарқанд қаласында болажақ Бас конференцияның 43-сессиясы соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы резиденциясынан басқа жерде өткерилетуғынын атап өтиў керек. Бул ўақыя шөлкемниң 80 жыллығына туўра келеди.
Бас директор Одри Азуле Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, болажақ илажға кең көлемли таярлық көрилип атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Әмелий бирге ислесиў бағдарламаларын және де кеңейтиў, сондай-ақ, ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңбериндеги форум ҳәм илажларды шөлкемлестириў бойынша тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.