баннер
14 Apr 2025
03:46

    Елимизде мәўсимлик респиратор кеселликлердиң тарқалыўы менен байланыслы жағдай турақлы - ДСМ1

    Социаллық тармақларда мәмлекетимиз бойлап өткир респиратор вируслы инфекциялардың ҳәўиж алғаны, әсиресе, мектеп ҳәм бақшаларда кеселликтиң кеңнен тарқалғаны, ақыбетте поликлиникалар емленбеген наўқас балалар менен толғаны ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

    Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Атабековтың мәлим етиўинше, социаллық тармақларда тарқалып атырған бул хабарлар ҳақыйқатқа улыўма туўры келмейди. Ҳәзирги ўақытта болса елимизде мәўсимлик респиратор кеселликлердиң тарқалыўына байланыслы жағдай турақлы ҳәм қәўетерлениўге ҳеш қандай тийкар жоқ.

    Қәнигениң атап өтиўинше, ҳаўа-тамшы жолы арқалы жуғатуғын өткир респиратор вируслы инфекциялар мәўсимлик характерге ийе болып, олардың көтерилиў дәўири гүз-қыс ҳәм қыс-бәҳәр айларына туўра келеди. Буннан ҳеш қандай қәўетерлениўге орын жоқ.

    Бир неше күн алдын мәмлекетимизде қыс мәўсимине тән болмаған жыллы ҳаўа-райы бақланды. Кеше болса, керисинше, аймақларда қар жаўып өтти. Әлбетте, ҳаўаның бундай тез-тез өзгериўшеңлиги себепли көпшилик адамлар мәўсимге сай кийиниўге жетерли итибар бермейди. Қалаберди, бундай ықлым шараятында шаңарақлар ҳәм жабық имарат-объектлерде ҳаўа алмасыўының азайыўы есабынан атмосферада вируслардың концентрациясы артыўы бақланады.

    "Респиратор кеселликлерди келтирип шығаратуғын вируслардың түрлери оғада көп екенин билемиз. Грипп, парагрипп, реновирус, аденовирус, ҳәтте, коронавирус инфекциялары усылар қатарына киреди. Сол себепли ҳәзир бақланып атырған өткир респиратор вируслы инфекцияларды тәбийий жағдай, деп қабыл етиў зәрүр, - дейди Нурмат Атабеков.

    Қәниге иммунитеттиң беккемлигин тәмийинлеў ушын мийўе-овошлар, ҳәр қыйлы көк шөплер ҳәм қайнатпалар қабыл етиў және мәўсимге сай кийиниўди усыныс етти ҳәм мәўсимлик респиратор кеселликлердиң тарқалыўының алдын алыўға итибарлы болыўға шақырды.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech