Бул айлық халқымыздың миллий қәдириятлары, үрп-әдетлери, халық ойынлары бағдарындағы атқарыў көркем өнерин үгит-нәсиятлаўға қаратылған болып, бул жойбар гөззал дәстүрлер, тарийх, турмыс тәризимиз, қәдириятларымыз ҳәм мәнаўиятымыз сыяқлы тәреплерди өзинде жәмлейди.

Бийтәкирар дәстүрлеримиздиң сақланып қалыныўы, заманға сай раўажланыўы, сийрек ушырасатуғын үлгилериниң кеңнен үгит-нәсиятланыўы, қәстерлеп сақланыўы ҳәм раўажландырылыўы жасларда миллий өзлик, әййемги қәдириятларымызға ҳүрмет сезимлерин қәлиплестириўге хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.

"Миллий қәдириятлар айлығы" ҳәр қыйлы илажлар ҳәм халық сейиллерин өзинде сәўлелендиреди.

Онда миллий липаслар көргизбелери, халық ойынлары, көркем өнер жәмәәтиниң қатнасыўлары, қосықшылық өнери, (қосық, лапар, халық ойынлары, терме мәресим қосықлары, жыраўшылық, бақсышылық ҳәм басқада аяқ ойын үлгилери, миллий саз әсбапларын шертиў өнери арқан тартыс, дәрўаз ойынлары, тас көтериў сыяқлы тарийхый ойынларымыз, миллий гүрес жарысларына кеңнен орын ажыратылады.)

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, республикамыздың барлық аймақларында март айында "Миллий қәдириятлар айлығы" илажлары ҳәм халық сейиллерин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.