2025-жылдың сегиз айында Өзбекстанға 7,5 миллион сырт ел туристи келген

    Туризм 29 қыркүйек 2025 2954

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-август айларында 7,5 млн сырт ел пуқарасы туризм ҳәм басқа мақсетлерде Өзбекстанға келген. Бул көрсеткиш 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 2,5 миллион адамға ямаса 49,1 процентке өскен.

    Келип шыққан мәмлекетлер бойынша туристлер:

    Ең көп кирип келиўлер Орайлық Азияның қоңсы мәмлекетлерине туўра келген:

    Қырғызстан - 2 164 521 адам;

    Қазақстан - 1 769 910 адам;

    Тәжикстан - 1 699 984 адам;

    Россия - 663 296 адам;

    Аўғанстан - 304 510 адам;

    Түркменстан - 243 512 адам;

    Қытай - 135 408 адам;

    Түркия - 113 109 адам;

    Ҳиндстан - 42 256 адам;

    Корея Республикасы - 30 039 адам;

    Басқа мәмлекетлер - 349 849 адам;

    Сырт ел пуқараларының келиў мақсетлери:

    Статистиканың көрсетиўинше, келгенлердиң көпшилиги мәмлекетке шаңарақлық ҳәм туристлик себеплер менен келген:

    туўысқанларға барыў - 5 166 373 адам;

    туристлик сапарлар - 1 148 469 адам;

    хызмет сапарлары - 837 535 адам;

    коммерциялық мақсетлер ушын - 287 747 адам;

    емлениў - 62 054 адам;

    оқыў - 14 216 адам;

    Кирим туризминиң өсиўи халықаралық көлемде Өзбекстанға қызығыўшылық артып, туристлик потенциалы кеңейип атырғанынан дәрек береди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates