Бул ҳаққында оның сайтында жәрияланған билдириўде айтылады.

Америка президенти "Зәрүр илажларды көриў, соның ишинде, Дания Патшалығы менен сөйлесиўлер алып барыў, Гренландияны қосып алыў ямаса оны АҚШ аймағы сыпатында басқаша жол менен қосып алыў мақсетинде" ўәкиллик алады. Буннан кейин Гренландия Америка штаты есапланыўы нәзерде тутылмақта.

Файнның атап өтиўинше, нызам жойбары "Арктикада АҚШ миллий мәплерин қорғаў ҳәм Қытай және Россия тәрепинен күшейип атырған қәўиплерге қарсы гүресиў"ге қаратылған.

АҚШ президенти Дональд Трамп Гренландияның АҚШқа қосылыўы зәрүрлиги ҳаққында бир неше мәрте айтқан. Ол өзиниң биринши мүддети даўамында Гренландияны сатып алыўды усыныс еткен, 2025-жылдың март айында болса, бас тартқан жағдайда Данияға саўда бажыларын салыў менен қорқытып, оны қосып алыў мүмкин екенлигине исеним билдирген. Дания бас министри Метте Фредериксен бул даўагерликлерди бийкарлап, атаў патшалықтың бир бөлеги екенин атап өтпекте.

Гренландия автономиялық аймақ сыпатында Дания қурамына киреди. 1951-жылы Вашингтон ҳәм Копенгаген НАТО бойынша аўқамласлық миннетлемелерине қосымша Гренландияны қорғаў ҳаққында Шәртнамаға қол қойды. Оған муўапық, АҚШ атаўды мүмкин болған агрессиядан қорғаў миннетлемесин өз мойнына алды, деп жазбақта tass.ru.