Зарафшан қаласына жәмийетлик транспорт ҳәрекетин шөлкемлестириў мақсетинде қаладағы майыплығы болған пуқаралар ушын 2 жаңа автобус алып келинди.
Қала ҳәкими Назирбек Раҳмонов бул автобусларды көзден өткерип, автобуста социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар ушын барлық қолайлықлар бар екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, жолаўшылар ҳәм майыплығы болған шахслар ушын кондиционер, USB -порт, бақлаў камерасы, арнаўлы пандусларды өз ишине алған, деп мәлим етти Наўайы ўәлаяты ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
Мағлыўмат орнында, Зарафшанда усы ўақытқа шекем халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламы ушын 5 жәмийетлик транспорт қатнаўы жолға қойылған еди. Енди бундай транспортлардың саны 7 болды.