Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўы қоллап-қуўатланады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-207-санлы, 26.06.2025 ж.) қабыл етилди.

    Бул қарарды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

    қымбат баҳалы металларды қайта ислеўдиң жыллық көлемин 7 тоннаға, зергерлик буйымларын экспорт етиў көрсеткишлерин 300 миллион АҚШ долларына жеткериў;

    баҳалы металлар ҳәм зергерлик буйымларының рәсмий емес айланысын кеминде 50 процентке қысқартыў.

    Қарарға бола, зергерлик орайларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерге төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары усынылады, соның ишинде:

    қымбат баҳалы металларды кешиктирип төлеў шәрти менен сатыўда 90 күн ишинде әмелге асырылған төлемлер бөлегине процент есапланбайды, 91-күннен баслап 180-күнге шекем әмелге асырылған төлемлер бөлегине - жыллық 3 процент муғдарында процент есапланады;

    зергерлик орайларында "Ўзбекзаргарсаноати" ассоциациясы ҳәм Мәмлекетлик асиллик қадағалаў инспекциясының филиалларының жумысы жолға қойылады (көшпели хызмет көрсетиў);

    зергерлик орайларында жумыс алып барып атырған исбилерменлер "Ўзбекзаргарсаноати" ассоциациясына ағза болғанда ағзалық төлемин 50 процентлик шегирме менен төлейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates