Зергерлик санааты экономикамыздың және бир "драйвери" болыўы күтилмекте

    Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында бүгинги қәўетерли ҳәм анықсызлықларға толы шараятта ҳәр бир мәмлекет, бәринен бурын, ең көп жумыс орынларын жарататуғын тараўларды қорғаў илажларын көрип атырғанын атап өтти.

    Усы мүнәсибет пенен сыртқы базардағы өзгерислер шараятында 1 миллионға шамалас халық ислеп атырған тоқымашылық, қурылыс материаллары, мебель қурылысын қоллап-қуўатлаў, экономикамыздың және бир "драйвери" болыўы күтилип атырған зергерлик санаатына жаңа пәт бағышлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Өткен 4 айда санаат 6,3 процентке өсип, 290 триллион сумға жетти.

    "Бул - ҳәзирги қыйын шараятта өз ўақтында көрилген илажлардың нәтийжеси. Бирақ 29 районда өндирис 4,5 триллион сумға азайған. Бул киши санлар емес," - деди мәмлекетимиз басшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates