29-31-январь күнлери оқыўға қатнасатуғын төртинши топар тыңлаўшылары Сурхандәрья, Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының жергиликли басқарыў уйымлары басшылары болып есапланады.
Бул семинарлар орынларда басқарыў қарарларын қабыл етиўде жаңаша қатнасларды енгизиў, Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, социаллық мәселелерди шешиўде системалы режелестириў ҳәм таллаўға тийкарланған жумыс усылларын қәлиплестириўге қаратылған.
Сабақлар даўамында тыңлаўшылар аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм орынланыўын қадағалаў, жергиликли бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, бул бағдарларда өз-ара бирге ислесиў бойынша әмелий билим алады.
Сондай-ақ, Кеңеслерде депутатлық сораўлар менен ислесиў, орынлаў тәртибине әмел етиў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен депутатлық қадағалаўды күшейтиў, жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Оқыў семинарлары шеңберинде санлы таллаў қураллары жәрдеминде машқалаларды анықлаў, халықтың мүрәжатларын системалы үйрениў, мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў көнликпелери де қәлиплестирилмекте, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының Баспасөз хызмети.