2025-жыл 14-февральда техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў жумыслары басланды. Жойбардың бул басқышын әмелге асырыў ушын Корея Республикасы Экспорт-импорт банки тәрепинен 3 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажыратылды.

Жуўмақлаўшы есабат Қубла Кореяның «Saman Engineering», «Dong Myeong Engineering Consultants & Architecture Co., Ltd», «Korea Railroad Corporation» ҳәм «Korea National Railway» компаниялары консорциумы тәрепинен таярланған.

Илажда транспорт министриниң орынбасары Жасурбек Чориев, Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён, Корея Ексимбанкиның Ташкент қаласындағы ўәкилханасының басшысы Сангджин Канг, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ бас инженери Шарофиддин Қодиров, халықаралық финанс шөлкемлериниң ўәкиллери, сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери қатнасты.