Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Беларусь Президенти Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан - Беларусь стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан жетекшисиниң усы жыл 8-9-июль күнлери Минскке рәсмий сапарының, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўдағы нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў ҳәм экономиканың тийкарғы тараўларында кооперациялық жойбарларды алға қойыўды нәзерде тутатуғын илажлар режесин өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекетимизде биринши атом электр станциясы ҳәм оның инфраструктурасын жаратыўда Беларусь тәжирийбесин қолланыўға айрықша итибар қаратылды.

Бул болажақ станцияны жойбарластырыў, қурыў ҳәм эксплуатациялаў процесинде экспертлик жәрдем көрсетиў, тараўда миллий кадрларды таярлаў ҳәм қәнигелескен жоқары оқыў орынлары арасында қоспа бағдарламаларды жолға қойыў ҳаққында сөз болмақта.