Бизнес форумда еки мәмлекет министрлик, уйымлары, тармақ аўқамларының басшылары, 200 ден аслам өндирис компаниясының ўәкиллери, экспертлер қатнасты.
ундай форумлар исбилерменлер ушын қосымша имканият жаратыў, перспективалы бағдарларда жаңа жойбарлар әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Түркия Өзбекстанның тийкарғы стратегиялық шериклеринен бири болып есапланады. Соңғы 5 жылда өз-ара саўда қатнасықларының көлеми 1,3 есеге артты. Мәмлекет басшыларының таспырмасына бола, саўда көрсеткишин 5 миллиард долларға жеткериў жолында барлық зәрүр илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта биргеликтеги кәрханалардың саны 1900 ға жеткен. Өткен жыл экономикамызға түрк инвестициясы тийкарында 1,2 миллиард долларлық инвестиция киргизилди.
Быйылғы жыл 6-ноябрьде Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде санлы экономика бойынша шериклик келисимине қол қойылды.
Түрк компанияларының ўәкиллери өзбекстанлы шериклер менен қатнасықты раўажландырыўдан мәпдар екени, регион экономикасына инвестиция киргизиўге таяр екенлигин билдирди. Тәреплер биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў, санаат тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў перспективасын додалады.
– Тек ғана инвестиция киргизиў емес, ал көп жыл даўамында топланған бай тәжирийбени бөлисиў да әҳмийетли, – дейди Орхан Айдын. – Өзбекстан – Бизне мәлим, «Остим» тек санаат зонасы емес, ал қорғаныў, аңшылық, энергия сыяқлы түрли тараўлардың биргеликтеги экосистема болып есапланады. Бул модель Өзбекстанда үлгили бағдарламаға айланады, шериклигимиз Түркиядағы басқа саўда-санаат структуралары ушын үлги болады. Биз нызам шеңберинде барлық миннетлемелерди орынлаўға таярмыз.
Шығып сөйлегенлер – Түркияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Олган Бекар, Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Нажмиддинхўжа Шарипов, Анкара ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Жихангир Гулер, Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Дилшод Расулов 2023-жыл 15-декабрьде Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарарына муўапық Ташкент қаласында «Остим» Глобал жойбар ҳәм технология акционерлик жәмийетине берилген 100 гектар майданда Өзбек-Түрк снаат зонасы қурылып атырғаны, биргеликте улыўма баҳасы 1,2 миллиард долларлық инвестиция жойбары әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, 200 мың жумыс орны жаратылыўы мөлшерленип атырғанына тоқтап өтти. Исбилермен топар ўәкиллери усы бирге ислесиў жойбарына үлкен қызығыўшылық билдирди. Бул процессте елимизге мирәт етилетуғын Түркияның 1000 ға шамалас компаниясы ушын зәрүр шараят жаратылып, жәҳән стандартына сай түрде жумыс алып барыў имканияты жаратылады.
Конференция Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дослық қатнасықты беккемлеў, еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў жолындағы гезектеги қәдем болды.
Жеват Дюндар ҳәм бир топар исбилерменлер тәрепинен 1967-жылы тийкар салынған «Остим» Анкарадағы жетекши санаат зоналарынан бири сыпатында танылған. Комплексте 139 бағдарда 6200 ден аслам кәрхана жумыс алып барады. Қорғаныў, авиация, темир жол системасы, медицина, бизнес ҳәм қурылыс техникасы тараўларында қәнийгелесиў, байланыс, энергетика ҳәм резина технологиялары, тоқымашылық ҳәм былғары аяқ кийим, автомобиль қурылысы, металлға ислеў бериў, химия санааты, электротехника ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, баспасөз сыяқлы бағдарларда 60 мыңнан аслам хызметкер ислеп келмекте.
B2B ушырасыўларынан соң еки мәмлекеттиң исбилерменлери Өзбек-Түрк санаат зонасын көзден өткерди.
Муҳаррама Пирматова,
Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА.