Миллий суверенитет ҳәм мәмлекетлик ғәрезсизлик ҳәр қандай мәмлекеттиң сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўының ең тийкарғы шәрти ҳәм кепили болып есапланады. Бул - мәмлекеттиң халықаралық ҳуқық субъекти сыпатында дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеўи, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, оның барлық мәплерин қорғаўда шешиўши фактор болып есапланады.
Миллий ғәрезсизлик - мәрт ҳәм жигерли халқымыз ерк-ықрарының ҳақыйқый көриниси, ғәрезсизлик ушын гүрескен қаҳарман ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлериниң әмелге асыўы, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ийгиликли жумысларымыздың тийкары, биз қәстерлеп сақлаўымыз ҳәм келешек әўладларға жеткериўимиз зәрүр болған ең уллы ҳәм муқаддес қәдирият болып есапланады.
Жаңа редакциядағы Конституция ҳәм мәмлекетимиздиң миллий суверенитети ҳәм мәмлекетлик ғәрезсизлиги принциплериниң сиясий-ҳуқықый кепилликлерин өзинде жәмлеген "Өзбекстан - 2030" стратегиясына тийкарланған раўажланыў жолымыз инсан қәдирин, оның турмыслық мәплерин улығлаў, көп миллетли жәмийетимизде дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў, миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерди қәстерлеп-сақлаў, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, оның қорғаныў қәбилетин беккемлеў, регионда жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда беккем сүйениш болып хызмет етпекте.
Миллий ғәрезсизлигимиздиң мәмлекетшилик тарийхы, бүгинги ҳәм келешек турмысымыздағы шексиз әҳмийетин инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын Жаңа Өзбекстанның ҳәзирги үлкен потенциалы ҳәм дүнья жәмийетшилигиндеги абырайына мүнәсип түрде жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде қарар етемен:
1. Төмендегилер:
(а) "Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс, жаңа келешек қурамыз!" бас идеясын сәўлелендиретуғын концепция ҳәм бағдарлама 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
(б) Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
2. Республикалық комиссия (А.Арипов):
(а) ғәрезсизликтиң 35 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм район орайлары (қалалар), барлық мәҳәллелер, аўыллар және министрликлер ҳәм уйымлар системасында - концепцияның мазмуны ҳәм тийкарғы бағдарларына муўапық илажлар бағдарламаларының ислеп шығылыўын ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша;
Онда төмендеги тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылсын:
(i) Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жаратылған үлкен имканиятлар ҳәм жетискенликлерди кеңнен сәўлелендириў;
(ii) мәмлекет экономикасының жедел турақлы раўажланыўы нәтийжесинде халықтың абаданлығының өсиўин көрсетиў;
(iii) тынышлық ҳәм шегаралардың қол қатылмаслығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын мәмлекеттиң қорғаныў потенциалын беккемлеў бойынша реформаларды сәўлелендириў;
(iv) ғәрезсизлик себепли ерисилген табыслар ҳәм нәтийжелердиң миллий қәдириятлар, мәмлекетшилик, пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, мәҳәлле системасын раўажландырыўдағы әҳмийети;
(v) кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының мәплерин тәмийинлеў, жаслардың билим ҳәм кәсип ийелеўи, олардың "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" сыпатында исбилерменлик басламалары менен қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятларды қәлиплестириў;
(vi) миллетлер аралық дослық ҳәм динлер аралық кеңпейиллик орталығын сақлаў ҳәм беккемлеў зәрүрлигин барлық пуқаралардың муқаддес миннети сыпатында түсиндириў;
(vii) жаслардың, барлық социаллық ҳәм этникалық топарлардың, ўатанласлардың байрам илажларына жедел тартылыўын тәмийинлеў;
(б) илим, билимлендириў, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, спортшылар, жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат көркем-дөретиўшилик топарларды шөлкемлестириў ҳәм олардың қатнасыўында апрель-сентябрь айлары даўамында республикамыз бойлап кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳәм социаллық жойбарларды өз ишине алған Ғәрезсизлик фестивалы илажларын өткериў;
(в) Ташкент қаласында өткерилетуғын тийкарғы байрам илажын таярлаўға белгили ссенарист ҳәм режиссёрлар, шайыр ҳәм жазыўшылар, қосықшы ҳәм композиторлар, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшыларды тартыў;
(г) ғәрезсизликтиң 35 жыллығы алдында мәмлекетимиздеги ири санаат, мәденият, билимлендириў ҳәм спорт объектлериниң салтанатлы ашылыў мәресимлерин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў.
3. Ташкент қаласындағы тийкарғы байрам илажына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге Мәденият министрлиги жуўапкер етип белгиленсин.
4. Көркем өнер академиясы, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы 2026-жыл 1-июньға шекем миллий ғәрезсизлик ҳәм суверенитет идеяларын, Жаңа Өзбекстан дөретиўшилериниң образларын өзинде жәмлеген "Ўатан пидайылары" символикалық монументиниң эскиз жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
Бул монумент 2026-2030-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалаларда қурылатуғын улыўма миллий бирлик бағларының орайлық бөлегинде орнатылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
5. Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Жаңа Өзбекстанның раўажланыўын изертлеў институты, "Юксалиш" улыўма миллий ҳәрекети ҳәм "Раўажланыў стратегиясы" орайы менен биргеликте 2026-жыл 1-августқа шекем ҳәр бир тараўдағы реформалар, олардың нәтийжелери ҳәм жетискенликлерине бағышланған "Ғәрезсизлик зафарнамасы" арнаўлы китап-альбомын таярласын.
6. Жаслар ислери агентлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы 2026-жыл апрель айынан баслап социаллық тармақларда #Mustaqillik35, #Uzb35 хештеглери астында үгит-нәсиятлаў акцияларын (флешмоб, подкаст, викторина ҳәм басқалар) жолға қойсын.
7. Кинематография агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы 2026-жыл апрель айынан баслап «35 йиллик Истиқлол йилномаси» рубрикасы астында ғәрезсизлигимиздиң тарийхый басқышлары, халқымыздың жетискенликлери ҳәм дөретиўшилик жумысларын сәўлелендиретуғын бир қатар ҳүжжетли фильмлер ҳәм көрсетиўлер таярланыўын ҳәм телеканалларда көрсетилиўин тәмийинлесин.
8. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты, Әдиллик министрлиги, Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институтының 2026-жыл август айында Ташкент қаласында "Ғәрезсиз Өзбекстан - 35 жыллық раўажланыў жолы: реформалар, нәтийжелер ҳәм перспективалар" темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
9. Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитети "Ўатанласлар" жәмийетлик қоры, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Сыртқы ислер министрлиги, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте 2026-жыл август-сентябрь айларында ўатанласларымыз ҳәм сырт елдеги өзбек диаспорасы ўәкиллериниң қатнасыўында "Мениң мақтанышым - ғәрезсиз Өзбекстан" сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирсин.
10. Орайлық банк 2026-жыл 1-сентябрьге шекем "Ғәрезсизликтиң 35 жыллығы" естелик алтын тенгесин шығарыў илажларын көрсин.
11. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Транспорт министрлиги 2026-жыл 1-майға шекем тийислисинше жаңадан шөлкемлестирилген мәҳәллелерден бирине ҳәм темир жол станцияларынан бирине "Ғәрезсизликтиң 35 жыллығы" атамасын бериў бойынша усыныс киргизсин.
12. Өткерилетуғын байрам илажлары төмендегилер тәрепинен қаржыландырылатуғыны белгиленсин:
(а) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда - тийисли жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан;
(б) Ташкент қаласында - Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланатуғын қәрежетлер сметасына муўапық тең үлеслерде Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджети қаржылары есабынан.
13. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, "Дунё" мәлимлеме агентлигине елимиз ғәрезсизлиги, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў жоллары ҳәм халқымыздың аўызбиршилиги ҳаққында дүркин материаллар таярлаў ҳәм тарқатыў усыныс етилсин.
14. Республикалық комиссия усы қарардың орынланыўы үстинен қадағалаўды, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр айда мәлимлеме киргизип барылыўын, зәрүр жағдайларда қосымша илажлар көрилиўин тәмийинлесин.
15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.