Бүгинги глобалласыў дәўиринде раўажланыў потенциалы көп тәреплеме мәмлекетлердиң инновациялық имканиятлары менен белгиленбекте. Халықаралық көлемде илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыс нәтийжелилигин баҳалаўшы рейтинглер мәмлекетлердиң раўажланыў дәрежесин көрсетип беретуғын әҳмийетли көрсеткишлерден болып есапланады. Усындай абырайлы рейтинглерден бири - Глобал инновация индекси (Global Innovation Index – GII) болып, мәмлекетлердиң инновациялық раўажланыў дәрежесин кең көлемли баҳалайды.
Глобал инновация индекси ҳәр жылы Жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеми тәрепинен АҚШтың Портуланс институты, ҳәр қыйлы корпоративлик ҳәм академиялық тармақлар және GII мәсләҳәт кеңеси менен биргеликте таярланады ҳәм дәстүрий тәризде сентябрьде жәрияланады. Изертлеў исенимлилиги ҳәм қамтыўшылығы менен ажыралып турады. Соның ушын дүнья көлеминдеги жетекши инновациялық баҳалаў системаларынан бири сыпатында тән алынған. Рейтинг қурамында еки субиндекс (Innovation Input Index va Innovation Output Index) және 7 бағдар бойынша 80 ге шамалас индикатор бар.
Өзбекстан GII рейтингине биринши мәрте 2015-жылы кирген ҳәм сол жылдың өзинде 141 мәмлекет арасында 122-орынды ийелеген еди. 2020-жылы 93-орын, 2021-жылы 86-орын, 2022-жылы 82-орын, 2023-жылы 82-орын ҳәм 2024-жылы 132 мәмлекет арасында 83-орынды ийелеген. Көринип турғанындай, Өзбекстан инновациялық потенциалын турақлы раўажландырып, глобал майдандағы орнын беккемлеп бармақта.
Жақында жәрияланған 2025-жылғы Глобал инновация индексинде Өзбекстан 139 мәмлекет арасында 79-орынды ийеледи. Бул нәтийже мәмлекетимиз халықаралық рейтинглердеги орнын избе-из беккемлеп атырғанын тастыйықлайды.
Өзбекстан төмен ҳәм орта дәрамат топарында Вьетнам, Филиппин, Марокаш, Иордания ҳәм басқа да 37 мәмлекет арасында 7-орынға ҳәм Орайлық ҳәм Қубла Азия регионындағы 10 мәмлекет ишинде Ҳиндстан ҳәм Ираннан кейин 3-орынға мүнәсип көрилди.
Буннан тысқары, рейтингте инновацияларға бағдарланатуғын инвестиция ҳәм ресурслар (innovation input) бойынша мәмлекетимиз 69-орынды, инновациялық жумыс нәтийжелилиги (innovation output) бойынша болса 92-орынды ийеледи.
2025-жылы мәмлекетимиздиң усы рейтингтеги орнын жақсылаў мақсетинде бир қатар илажлар көрилди. Глобал инновация индексиниң быйылғы нәтийжелерине бола, Өзбекстан тек ғана илим ҳәм инновациялық раўажланыў емес, ал исбилерменлик бағдарында да сезилерли жетискенликлерге ериспекте. Атап айтқанда, мәмлекетимиз ушын "Исбилерменлик сиясаты ҳәм мәденияты" ҳәм "Стартап ҳәм скейлеплерди қаржыландырыў" структуралық индикаторларын қәлиплестириў бойынша эксперт сораўы өткерилди. Усы жылғы рейтинг нәтийжелерине бола, бул индикаторлар бойынша сәйкес түрде 3-ҳәм 6-орынларды ийелеген ҳалда дүнья көлеминде жоқары нәтийже атап өтилди.
Буннан тысқары, Өзбекстанның илим ҳәм билимлендириў тараўындағы жетискенликлери де рейтингте өз көринисин тапты. Республикамыздың еки ири жоқары билимлендириў мәкемеси - "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" Миллий изертлеў университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети халықаралық тән алыўға еристи. Бул университетлердиң “QS World University Rankings” рейтингинде атап өтилген нәтийжелери GII қурамында да инабатқа алынды. Усы арқалы QS рейтинги бойынша ең жоқары үшлик университетлердиң орташа баҳа индикаторында Өзбекстан 11 текше жоқарылап, 64-орынға көтерилди.
Бүгин Өзбекстанның Глобал инновация индексинде жоқарылап барыўы тосыннан емес. Бул мәмлекетимизде соңғы жыллардағы избе-из реформалар, атап айтқанда, инновацияларды қоллап-қуўатлаў, илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў, жоқары билимлендириўдиң сапасын ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў және исбилерменлик орталығын кеңейтиўге қаратылған сиясаттың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Чингиз МИРЗАЕВ,
Инновациялық раўажланыў агентлиги жанындағы
Илимий-техникалық мәлимлеме орайы директоры орынбасары