Атап өтилиўинше, халықаралық тасыўларда автобус қатнаўларының үлесин арттырыў, жолаўшы тасыў жумысын және де раўажландырыў мақсетинде республикамыздың түрли аймақларынан төмендеги халықаралық жөнелислерде автобус қатнаўларын шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Қазақстан Республикасына
Бухара - Түркстан
Үргенш - Ақтау
Ферғана - Алматы (Тәжикстан арқалы)
Тәжикстан Республикасына
Самарқанд - Душанбе
Бухара - Душанбе
Қырғыз Республикасына
Әндижан - Ош
Әндижан - Жалалабад
Әндижан - Арсланбоб
Косонсой - Жалалабад
Бухара - Бишкек
Россия Федерациясына
Сурхандәрья - Бухара - Үргенш - Нөкис - Москва
Үргенш - Нөкис - Уфа
Нөкис - Краснодар
Ташкент - Уфа
Ташкент - Краснодар
Қытай Халық Республикасына
Нөкис - Үргенш - Бухара - Урумчи
Турақлы халықаралық жөнелислерде автобус тасыўларын әмелге асырыў тилегиндеги тасыўшылар тәрепинен жоқарыда көрсетилген жөнелислерде паритет қатнаўларды әмелге асырыў тилегиндеги сырт елли тасыўшыларды тартқан ҳалда Транспорт министрлигине мүрәжат етиўи мүмкин.
Сондай-ақ, басқа турақлы халықаралық автобус жөнелислеринде жумыс ислеў тилегиндеги тасыўшылар сырт елли қатнасыўшылар менен паритет тийкарында ислеўге келисип, министрликке өз усынысларын киргизиўи мүмкин.