Мәмлекетимизде
исбилерменлерге жаратылған кең имканиятлардан үнемли пайдаланып, өзиниң
излениўшеңлиги ҳәм исбилерменлиги менен елимизде пал ҳәррешиликти
раўажландырыў, тараўда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға мүнәсип үлес
қосып киятырғаны, кооперация тийкарында жумысын кеңейтип, жаңа жумыс орынларын
жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты
қысқартыў бағдарында айрықша баслама көрсетип атырғаны, жәмийетте өз-ара
аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат
руўхында мийнет сүйгиш ҳәм ғайратлы етип тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары
ушын Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районындағы пал ҳәррешилик хожалығының
басшысы Жубаев Бахтияр Тайлакович «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев