Халық ҳәм экономика объектлерин қыс мәўсиминде турақлы ҳәм үзликсиз ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымызда бир ўақыттың өзинде ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўды тәмийинлейтуғын бир қатар заманагөй когенерацион қурылмалар иске қосылмақта.
Қоңсы мәмлекеттиң газ тармағындағы техникалық насазлық себепли импорт етилип атырған тәбийғый газдиң муғдары қысқарып атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Энергетика министрлиги көрилип атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме береди.
Социаллық тармақларда "Өзбекстан бойлап көплеген орынларда саат 17:00 ден 21:00 ге шекем свет өшириледи" атамасында хабарлар тарқалмақта. Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бул мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўра келмейди ҳәм бет ийелери тәрепинен тек ғана итибар қаратыў мақсетинде тарқатылмақта.
Бурын хабар етилгениндей, Сырдәрья ўәлаятында Саудияның ACWA Power компаниясы тәрепинен қуўатлылығы 1500 МВт болған заманагөй ыссылық электр станциясы иске қосылды.
8-декабрь саат 17:00 жағдайына бола, 2025-жылы Өзбекстанда қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясы көлеми 10 млрд кВт саатқа жетти. Бул көрсеткиш миллий энергетика системасында "жасыл" энергетиканың үлеси жеделлик пенен өсип атырғанын көрсетеди.
2025-жылдың 1-декабрь жағдайына бола, Өзбекстан аймағындағы 141 221 обектте улыўма қуўатлылығы 1 971 МВт болған қуяш панеллери орнатылған. Елимиздиң барлық аймақларында қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Алматыда Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан суў-энергетика уйымлары басшыларының мәжилиси болып өтти.
Ташкентте Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудовтың Түркменстан энергетика министри Аннагелди Сапаров ҳәм "Туркменгаз" мәмлекетлик нефть-газ компаниясының баслығы Мақсад Бабаев пенен ушырасыўы болып өтти.
Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында қуўатлылығы 20 мегаватт болған "Чарвақ самал электр станциясы қурылысы" жойбары басланды. Станцияны 2026-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигинде Қытайдың «China Datang» компаниясы партия комитетиниң хаткери ҳәм директорлар кеңесиниң баслығы Люй Цзюн басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.