Бул талап АҚШ кеселликлерди қадағалаў ҳәм алдын алыў орайлары (CDC) тәрепинен енгизилмекте.
Жаңа тәртипке бола, ҳәр бир жолаўшы АҚШқа ушыўдан алдынғы 21 күн даўамында Конго Демократиялық Республикасы (КДР) аймағында болмағанын тастыйықлайтуғын қағаз ямаса электрон декларацияны толтырыўы ҳәм қол қойыўы керек.
Бунда КДР аэропорты арқалы транзиттен өтиў де мәмлекет аймағында болған деп есапланады. Ҳәтте жолаўшы самолётты ямаса аэропортты тәрк етпеген болса да, декларацияны толтырыўы шәрт.
18 жасқа толмаған жолаўшылар ушын декларация ата-анасы, қәўендер ямаса басқа ўәкилликли шахс тәрепинен толтырылады ҳәм қол қойылады.
Декларацияны усынбаған жолаўшылар рейске шығарылмайды. Сондай-ақ, биле тура жалған мағлыўмат усыныў АҚШ нызамшылығына муўапық жынайый жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.
Жолаўшыларға талаплар менен алдыннан танысып шығыў ҳәм аэропортқа келиўден алдын декларацияны таярлап қойыў усыныс етилмекте.
Декларация формасы ҳәм қосымша мағлыўматлар менен усы силтеме арқалы танысыў мүмкин.