Kazinform агентлигиниң Х.Доспанова атындағы халықаралық аэропорт мағлыўматларына сүйенип хабар бериўинше, биринши рейсти 22-ноябрь күни әмелге асырыў режелестирилген.
Жаңа авиақатнаў Атыраў ҳәм Нөкис арасындағы тиккелей ҳаўа қатнаўын тәмийинлеп, жолаўшыларға еки қала арасында қолайлы сапар етиў имканиятын береди.
Атап өтилиўинше, алдын бул жөнелис бойынша тиккелей авиақатнаўлар болмаған.