2026-жыл 31-март күни Абдураҳмон Фозилов басшылығындағы бир топар блогерлер АҚШқа автосаяхатқа шықты. Тур қатнасыўшылары Өзбекстан туристлик бренди усылында безетилген автомобиллерде ҳәрекетленеди.

Жойбар шеңберинде блогерлер мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болып, туристлик дыққатқа ылайық орынлар ҳәм мәдений мийрасымызды сәўлелендирип, халықаралық аудитория ушын медиа контент жаратты. Республиканың туристлик имиджин үгит-нәсиятлаў мақсетинде материаллар социаллық тармақларда жеделлик пенен жәрияланбақта.

Атап өтилиўинше, бундай басламалар Өзбекстанның туризм потенциалын ғалаба ен жайдырыў, регионаллық брендлерди раўажландырыў ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимизге болған қызығыўшылықты арттырыўға хызмет етеди.

Жөнелис даўамында автокәрўан қатнасыўшылары 9-май күни Қазақстан, Россия, Грузия, Түркия, Греция, Италия, Швейцария, Бельгия, Германия ҳәм Франция арқалы АҚШқа жетип барыўды режелестирген.