"Ташкент" автовокзалынан Замин, Самарқанд, Жарқорған, Бухара, Қаракөл, Мирбазар, Наўайы, Жош, Нурата, Зармитан, Зарафшан, Хатирчи, Қызылтепа, Кенимех, Үшқудық, Қадан, Пайариқ, Шаҳрисабз, Қаршы, Ғузар, Шерабад, Термиз, Денов, Узун, Үргенш, Хийўа, Гүрлен, Төрткүл ҳәм Нөкис қалаларына қатнаўлар әмелге асырылады.

Буннан тысқары, аймақлардан Ташкент қаласына әмелдеги күнлик 75 рейске қосымша 25 рейс әмелге асырылмақта.

Рейслер кестеси ҳәм билет баҳалары менен автовокзалдың социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери арқалы танысыўыңыз мүмкин.

Билетлерди "Ташкент" автовокзалының кассаларынан, сондай-ақ, avtoticket.uz сайты ҳәм мобиль қосымшалары арқалы онлайн сатып алыў мүмкин.