Жер жүзиндеги ең көп тарқалган таслардан бири базальттан материаллар ислеп шығарыўды мине усындай бағдарлар қатарына киргизиў мүмкин. Геолог ушын бул әпиўайы вулкан жынысы, қурылысшылар ушын беккем материал, заманагөй санаат ушын болса жаңа әўлад композитлери жаратылатуғын шийки зат болып есапланады. Атап айтқанда, балқытылған базальттан ең жуқа жиплер алынады ҳәм олардан гезлеме, изоляция, арматура ҳәм басқа да қурылмалар таярланады.
Базальт композитлери дәстүрий қурылыс материаллары менен салыстырғанда бир қатар абзаллықларға ийе. Олар коррозияға ушырамайды, агрессив орталыққа шыдамлы, он жыллар даўамында беккемлигин сақлай алады. Мысалы, базальт арматурасы полат арматурасына қарағанда жүдә жеңил болып, онлап жыллар даўамында хызмет етиўи мүмкин. Соның ушын да дүнья әмелиятында көпирлер, жоллар ҳәм энергетика объектлерин қурыўда олардан барған сайын көбирек пайдаланылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 27-февраль күни Сурхандәрья ўәлаятына әмелий сапары даўамында Термиз районында жайласқан Surkhon Sandwich кәрханасының базальт өнимлерин ислеп шығарыў линиясы менен танысыўы бул тараўды раўажландырыўға мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған итибардың айқын көриниси болды.
тараўдың қәлиплесиўи
Өзбекстанда базальт санаатының раўажланыўы жақын арада - жети жыл алдын басланған. Жиззақ ўәлаятында базальт кәнлери жайласқан ҳәм оны қайта ислеў бойынша санаат кластери қәлиплестирилген. Бүгинги күнде кластер кәрханалары дерлик 300 гектар майданды ийелеген. Өндирислик инфраструктураны жаратыўға дерлик 498 миллион доллар инвестиция тартылған. Комплекс кәрханалары тәрепинен жылына 177 мың тоннаға шамалас базальт тасы қайта исленип, базальт талшығы ҳәм композит арматурадан баслап геосетка ҳәм ыссылық өткермейтуғын материалларға шекемги 40 тан аслам өним ислеп шығарылмақта. Бундай санаат хабының қәлиплесиўи аймақтың экономикалық раўажланыўында әҳмийетли фактор болды. Бурын тийкарынан аўыл хожалығына бағдарланған аймақлар жаңа өндирис ҳәм жумыс орынларына ийе болды.
Базальт санаатының кеңейиўи дәстүрий қазып алыў регионлары шегарасынан сыртқа шығып бармақта. Сурхандәрья ўәлаятында Surkhon Sandwich кәрханасы жумыс алып бармақта. Бул өндиристиң пайда болыўы мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс бағдарламалары менен тиккелей байланыслы. Кейинги жылларда ири инфраструктура объектлерин қурыўда имарат ҳәм объектлердиң энергия үнемлеўшилигине итибар күн сайын артып бармақта. Бул болса заманагөй, соның ишинде, базальт шийки заты тийкарында таярланған ыссылық өткермейтуғын материалларға болған талапты күшейтпекте.
Surkhon Sandwich жойбарының баҳасы 26 миллион долларды қураған. Кәрханада жылына 30 мың тоннаға шекем базальтты қайта ислеў қуўатлылығы жаратылған. Бундай қуўатлықлар жылына 345 миллиард сумлық таяр өним ислеп шығарыў имканиятын береди. Surkhon Sandwich жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде полат листлерди профиллеў усылынан пайдаланған ҳалда үш қабатлы сэндвич панеллер ислеп шығарылмақта. Толтырыўшы сыпатында заманагөй ыссылық изоляциялаўшы материаллар: базальт жынысы тийкарында жаратылған минерал ыссылық изоляциясы (минвата) ҳәм жоқары функционал характеристикаларға ерисиў имканиятын беретуғын көбикли полиуретан (КПУ) толтырыўшылары қолланылмақта.
Шийки зат базасының локализацияланыў дәрежеси жоқары болғаны жойбардың әҳмийетли өзгешелиги болды. Зәрүр шийки заттың дерлик 95 проценти Сурхандәрья ўәлаятының Алтынсай районындағы кәнлерден алынады. Өндирис линиялары заманагөй үскенелер менен тәмийинленип, кәрхананың өзинде 200 ге шамалас адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Ислеп шығарылып атырған ыссылық изоляциялы материаллар ҳәм қурылыс панеллери тек ғана ишки базарға емес, ал қоңсы мәмлекетлер - Тәжикстан ҳәм Аўғанстанға да экспорт етилмекте, оларда да энергияны үнемлейтуғын қурылыс шешимлерине талап артпақта.
Мәмлекетимиз басшысы өндирис пенен танысыў ўақтында өнимлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, локализациялаў дәрежесин кеңейтиў ҳәм экспортқа жарамлы бағдарларды раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Тараўдың илимий базасын беккемлеў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, жаңа технологиялар ҳәм материаллар жаратыў менен шуғылланыўы мүмкин болған қурылыс материаллары бойынша қәнигелестирилген илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў ҳаққында сөз бармақта.
шийки зат базасы
Өзбекстанда базальт тармағының қәлиплесиўи көп жағынан өз минерал базасының бар екенлиги менен байланыслы. Бул таў жынысы елимиздиң бир неше аймақларында ушырасады, бирақ ең белгили кәнлер Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында - Фориш ҳәм Алтынсай районларында жайласқан. Бул кәрханаларға тас қазып алыўдан баслап таяр өним шығарыўға шекемги толық өндирислик циклди қурыў имканиятын береди.
жаңа материалдың экономикасы
Базальт өнимлерине болған экономикалық қызығыўшылық бир неше факторлар менен түсиндириледи.
Бириншиден, олар үлкен мүддетке шыдамлылығы ҳәм дәстүрий материалларға салыстырғанда аз салмақлылығы себепли қурылыстағы қәрежетлерди азайтыў имканиятын береди.
Екиншиден, базальт композитлери жоқары технологиялы материаллардың глобал базарының бир бөлегине айланбақта. Таллаўшылардың есап-санақларына бола, базальт талшығының дүнья базары 2024-жылдағы 370 миллион доллардан 2032-жылға барып дерлик 680 миллион долларға жетиўи мүмкин.
Үшиншиден, базальтты қайта ислеўдиң раўажланыўы әдеттеги тас қазып алыўға салыстырғанда бир қанша жоқары қосымша қун жаратады.
Төртиншиден, базальт өнимлериниң экспорт потенциалы жоқары болып, бул дүньяда композит материалларға болған талаптың артып баратырғаны менен түсиндириледи. АҚШ, Уллы Британия, Италия, Польша, Россия, Түркия сыяқлы мәмлекетлер ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде қурылыс, инфраструктуралық жойбарлар ҳәм санаатта олардан жедел пайдаланылмақта.
Дыққат орайында сапа
Тараўды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири - ислеп шығарылып атырған өнимлердиң жоқары сапасын тәмийинлеў, жаңа композит материаллар ушын заманагөй миллий стандартлар системасын қәлиплестириў болып есапланады. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери менен жедел бирге ислесиў алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта базальт геосеткасы ҳәм базальт-композит қубырларды қолланыў бойынша технологиялық көрсетпелер ислеп шығылған. Әмелдеги бир қатар қурылыс нормативлерине өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар таярланды, бул болса жергиликли базальт материалларынан олардың өзине тән қәсийетлери ҳәм абзаллықларын есапқа алған ҳалда басқа да шешимлер менен теңдей пайдаланыў имканиятын береди.
Итибарлы тәрепи, Өзбекстан базальт техникалық гезлемесине миллий стандарт ислеп шығылып атырған биринши мәмлекет болды - көпшилик мәмлекетлерде оны ислеп шығарыў ҳәзирше тек ғана техникалық шәртлер менен тәртипке салынады. Бул жумыслардан тийкарғы мақсет - ишки базарды импорттың орнын басатуғын, миллий ҳәм халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын сапалы қурылыс ҳәм композит материаллар менен толықтырыў болып есапланады.
Келешектеги перспектива
Бүгинги күнде Өзбекстан базальт санааты жедел қәлиплесиў басқышында. Оның және де раўажланыўы ушын тийкар жаратылды: өзимиздиң шийки зат базасы, дәслепки өндирис кластерлери ҳәм экспорт каналлары жаратылды. Нәзерде тутылған инвестициялық жойбарлар әмелге асырылса, мәмлекет композит материаллар ислеп шығарыўдың толық секторын қәлиплестириўи мүмкин. Бундай жағдайда базальт вулкан жынысы болмай қалады. Ол әпиўайы тас келешектеги заманагөй имаратлар, жоллар ҳәм инфраструктура ушын материалларға айланатуғын жаңа индустрияның әҳмийетли ресурсына айланады.
Алексей Борисов.