Соңғы жыллары елимизде жоқары билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў, илимий потенциалды беккемлеў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, илим ҳәм экономика, билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер интеграциясын тереңлестириў әҳмиетли ўазыйпа болып қалмақта.

Усы мүнәсибет пенен презентацияда жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасын жетилистириў бойынша ислеп шығылған жаңа илажлар додаланды.

Атап айтқанда, "U10 - Өзбекстанның глобал дәрежедеги жетекши университетлери" бағдарламасы әмелге асырылады. Бағдарлама шеңберинде 10 жоқары билимлендириў мәкемесине таңлаў тийкарында миллий изертлеў университетлери статусы бериледи. Оларда илимий кластерлер шөлкемлестириледи.

Таңлаў профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлердиң потенциалы, қатнасыўшы шөлкемлердиң миллий ҳәм халықаралық рейтинглердеги орны, илимий инфраструктура ҳәм қаржыландырыўдағы үлеси сыяқлы көрсеткишлер тийкарында өткериледи.

Шөлкемлестирилетуғын илимий кластерлер жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий шөлкемлер ҳәм санаат кәрханаларының коньсорциумы сыпатында жумыс алып барады.

Миллий изертлеў университети статусын алған жоқары оқыў орнына Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан илимий кластер шөлкемлестириў ушын 150 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.

Жоқары билимлендириў системасында да нәтийжеге бағдарланған қаржыландырыў механизмлерин енгизиў режелестирилген.

Атап айтқанда, 2027-жылдан баслап, жоқары билимлендириў шөлкемлерин миллий рейтингтеги нәтийжелерине қарап финанслық хошаметлеў системасы жолға қойылады.

Олар билимлендириўдиң сапасы, илимий жумысы, халықаралық бирге ислесиў, санластырыў, питкериўшилердиң бәнтлиги сыяқлы нормалар тийкарында баҳаланады.

Студентлерди мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў ушын жоқары оқыў орынларына ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын қәлиплестириў бойынша жаңа қатнаслар усыныс етилди. Енди билимлендириў бағдарламасының қурамалылығы, мийнет базарының талаплары, университет рейтинги, аймақлық факторлар, профессор-оқытыўшылардың жумысын хошаметлеў сыяқлы көрсеткишлер есапқа алынады.

Илимий изертлеўлерди қаржыландырыўдың жаңа системасын енгизиў режелестирилмекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде ажыратылатуғын қаржылардың кеминде 50 проценти тийкарғы бағдарларға бағдарланады. Жойбарлар таңлаўы халықаралық экспертлер, илимий-техникалық кеңеслер ҳәм тармақ кәрханалары менен биргеликте әмелге асырылады.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлердиң жумысында илимий қолланбаларды коммерцияластырыўды кеңейтиўге қаратылған жаңа система усыныс етилди.

Атап айтқанда, университетлердиң "спин-офф" кәрханаларын шөлкемлестириў арқалы "тармақ - кәрхана - жоқары билимлендириў шөлкеми - илимий шөлкем" шынжыры тийкарында инновациялық өнимлер ҳәм хызметлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген.

Бул арқалы илимий нәтийжелерди әмелиятқа енгизиў, технологиялар трансферин күшейтиў ҳәм университетлердиң исбилерменлик белсендилигин арттырыў нәзерде тутылған.

Өзбекстанды регионаллық билимлендириў хабына айландырыў ушын сырт елли студентлерди тартыў бойынша жаңа механизмлер усыныс етилди. Атап айтқанда, ҳәр жылы 500 ге шекем қәбилетли сырт ел пуқаралары ушын республикамыздың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында жоқары билим алыў ушын грантлар ажыратыўды нәзерде тутатуғын "Жаңа Өзбекстан стипендиясы" бағдарламасын енгизиў режелестирилмекте.

Презентацияда тараўда басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, санлы билимлендириў ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў, жаслардың инновациялық басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған басқа да әҳмийетли басламалар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы билдирилген усынысларды пуқта ислеп шығыў, бул басламаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў арқалы жоқары билимлендириў ҳәм илим системасын жаңа басқышқа көтериў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.