Шаңғалақ өзбек миллий тағамының бийбаҳа өнимлеринен бири болып, көп
әсирлик дийқаншылық ҳәм аспазлық дәстүрлери менен тығыз байланыслы. Ол өзине
тән дәми, сапасы ҳәм таярланыў өзгешеликлери менен ажыралып турады, Бухара
оазисинде оны ислеп шығарыў мәденияты әўладтан-әўладқа өтип, бүгинги күнге
шекем сақланып келмекте.
"Бухара шаңғалақлары"ның өзине тән қәсийетлери аймақтың
тәбийғый-климат шараяты, жергиликли шийки заттан пайдаланыў ҳәм дәстүрий таярлаў
технологиялары менен байланыслы. Тарийхта бул өним Бухара оазисинде ислеп
шығарылған ҳәм кейин ала басқа аймақларға да тарқалған.
Географиялық
көрсеткишти дизимнен өткериў атаманың ҳуқықый жақтан қорғалыўын тәмийинлейди
ҳәм өнимнен нызамсыз пайдаланыўдан қорғаўдың қосымша механизмлерин жаратады.
Бул өнимниң өзине тән өзгешеликлерин сақлап қалыў, оның келип шығыўын
тастыйықлаў, тутыныўшылардың өнимниң сапасы ҳәм ҳақыйқыйлығына исенимин
арттырыў имканиятын береди.
Буннан тысқары,
дизимнен өткерилген географиялық көрсеткиштиң бар екенлиги "Бухара шаңғалақлары"н ишки ҳәм
халықаралық базарларда үгит-нәсиятлаўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў,
аймақлық брендти раўажландырыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға
хызмет етеди.
Бул қәдем Бухара
ўәлаятының миллий гастрономиялық мийрасын қәстерлеп сақлаў, аймақтың танылыўын
арттырыў, жергиликли өнимлердиң мәмлекет ишинде ҳәм сырт елде бәсекиге
шыдамлылығын арттырыўға үлес қосыўы күтилмекте.
Мағлыўмат ушын:
географиялық көрсеткиш - бул товардың белгили бир географиялық орыннан келип
шыққанлығын тастыйықлайтуғын интеллектуаллық мүлк объекти болып, оның сапасы,
абырайы ямаса басқа да өзгешеликлери усы аймаққа тән болған тәбийғый шараятлар
ямаса инсан факторы менен байланыслы.