Ушырасыўда финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, инфраструктура, қайта тиклениўши энергетика ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстанның коммерциялық банклери ушын кредит линияларын ажыратыў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда «Shinhan Bank»тиң филиалын шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Қаржыландырыўдың жаңа қуралларын ҳәм "жасыл" кредитлерди тартыў, сондай-ақ, киши ҳәм орта бизнес ушын санлы банкинг ҳәм арнаўлы шешимлерди раўажландырыўдан мәпдарлық билдирилди.