Сөйлесиў алдынан ФИФА Президенти Өзбекстанның футболдағы жетискенликлери ҳәм мәмлекетимизде спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған нәтийжели реформалардың нәтийжелерин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда ири абырайлы спорт илажы - 20 жасқа шекемги жаслар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионатын өткериў ушырасыўдың тийкарғы темасы болды.
ФИФА менен футболды ғалаба ен жайдырыў, әсиресе, жаслар арасында усы спорт түрине қызығыўшылықты және де күшейтиўге қаратылған қоспа бағдарламаларды алға қойыў бағдарында нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Шерикликти, бәринен бурын, футболды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў системасын трансформациялаў, жас талантларды ашыў ҳәм олардың потенциалын жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў және тренерлер, төрешилер, менеджерлер, спорт шыпакерлери ҳәм техникалық қәнигелерди халықаралық дәрежеде таярлаў бағдарларында және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өзбекстанда ФИФАның ири турнирлери ҳәм илажларын шөлкемлестириў және Ташкент қаласында федерацияның регионаллық ўәкилханасын ашыў процесин жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.