Банктиң баҳалаўына бола, бул көрсеткиш 2021-жылдағы
пандемиядан кейинги экономиканы тиклеў дәўирин есапқа алмағанда, соңғы он
жылдағы ең жоқары көрсеткишлерден бири болады.
Прогнозды қайта көрип шығыў мәмлекеттеги жоқары экономикалық
белсендилик пенен байланыслы. 2026-жылдың январь-март айларында Өзбекстанның
жалпы ишки өними өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 8,7 процентке артты.
Онда хызмет көрсетиў, санаат ҳәм қурылыс тараўлары тийкарғы үлес қосқан.
Экономиканың әҳмийетли тармақларында да унамлы өсиў
бақланбақта. 2026-жылдың январь-апрель айларында санаат өнимлерин ислеп шығарыў
көлеми 7,8 процентке, соның ишинде, қайта ислеў санааты өнимлерин ислеп шығарыў
көлеми 8,5 процентке өсти. Қурылыс жумысларының көлеми 14,1 процентке өскен.
Инвестиция тараўында да сезилерли өсиў бақланбақта.
2026-жылдың биринши шерегинде тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың
көлеми 29,6 процентке артып, олардың ярымынан көби - 53,6 проценти сырт ел
инвестицияларының үлесине туўра келген.
ЕТРБның баҳалаўынша, турақлы ишки талап, жедел инвестициялық
сиясат, инфраструктураны раўажландырыў, санаат өндириси ҳәм қурылыс тармағын
кеңейтиў келешектеги экономикалық өсиўге хызмет етеди. 2026-жылы Өзбекстанда
социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыўға 18,5 триллион сум
қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Банктиң тийкарғы сценарийи бойынша тийкарғы макроэкономикалық
көрсеткишлердиң динамикасы төмендегише болады:
ЖИӨниң өсиўи - 2026-жылы 7,9%, 2027-жылы 6,9% ҳәм 2028-жылы
6,5%;
инфляция - сәйкес түрде 6,8%, 5,7% ҳәм 5,2% ке шекем
төменлеў;
миллий валютаның орташа жыллық курсы 2026-жылы 1 доллар ушын
дерлик 12,2 мың сум, 2027-жылы 12,9 мың сум ҳәм 2028-жылы 14,1 мың сумды
қурайды.
Миллий валютаның турақлылығына, прогнозда атап өтилгениндей,
сырт ел инвестицияларының кирип келиўи, сырт елден пул өткермелери көлеминиң
жоқарылығы, сондай-ақ, жәҳән алтын базарындағы қолайлы жағдай тәсир етеди.
Соның менен бирге, ЕТРБ экономика ушын бир қатар
қәўип-қәтерлерди көрсетпекте. Импорт көлеминиң артыўы себепли саўда балансының
төменлеўи, алтынның жәҳәндеги баҳасының төменлеўи, транспорт-логистика
қәрежетлериниң артыўы усылардың қатарына киреди.