"Географиялық көрсеткишлер ҳаққында"ғы нызамға муўапық, географиялық көрсеткиштен пайдаланыў ҳуқықы ҳаққындағы гүўалықтың ийеси географиялық көрсеткиштиң қасына товарда ямаса қадақлаўда қолланылып атырған белгиниң Өзбекстан Республикасында дизимнен өткерилген географиялық көрсеткиш екенлигин көрсететуғын ескертиўши белгини қойыўы мүмкин.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

географиялық көрсеткишлер ушын ескертиўши белгиниң формасы ҳәм тәрийпи;

товарлар келип шыққан жердиң атамасы ушын ескертиўши маркировканың формасы ҳәм тәрийпи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 07.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».