Кейинги сегиз жылда елимизде электрон коммерцияның көлеми 20 есеге өсип, 1,3 миллиард долларға жеткен. Санлы платформалардың саны 120 дан аслам. Өзин-өзи бәнт етиў тәртиби кеңейтилгени, лицензиялаў ҳәм салық салыў әпиўайыластырылғаны нәтийжесинде бул тараўда 750 мың жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылып, бюджетке ҳәр жылы қосымша 200 миллиард сум салық түсимлери келип түспекте.
Соның менен бирге, бул тараўда пайдаланылмай атырған имканиятлар көп екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанда усақлап сатыўда электрон коммерцияның үлеси 4-4,6 процентти қурап, дүньядағы орташа 22 проценттен 5 есеге аз. Елимизде бул көрсеткишти 9-11 процентке жеткериў имканияты бар.
Презентацияда электрон коммерция инфраструктурасын раўажландырыў шеңберинде бажыхана бажылары ҳәм салықларын кешиктирип төлеў шәрти менен импорт етилетуғын товарларды бажыхана қадағалаўы астында сақлаўға мөлшерленген арнаўлы бонд қоймаханаларын шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, товарларды сатыў ўақтында бажыхана төлемлерин төлеў системасының енгизилиўи кеминде 500 миллион доллар муғдарында инвестициялар тартыў ушын шараят жаратыў имканиятын береди. Бундай әмелият Россия, Қытай, Қазақстан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Уллы Британия, Германия, Сингапур сыяқлы мәмлекетлерде кеңнен қолланылып атырғаны атап өтилди.
Бүгинги күнде Өзбекстандағы қоймаханалардың улыўма майданы 634 мың квадрат метр болып, соннан 72 проценти пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятына туўра келеди. Ҳәзирги қоймаханалардың тек ғана 34 проценти заманагөй "А" класына тийисли. Экспертлердиң есап-санақларына бола, келеси бес жылда мәмлекетимиздиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеў ушын 2,5 миллион квадрат метр заманагөй қоймаханалар зәрүр болады.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде ири халықаралық маркетплейслердиң заманагөй қоймаханалар тармағын кеңейтиў усыныс етилди.
Санлы платформалар ҳәм бонд қоймаханаларын салық ҳәм бажыхана системасы менен терең интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди. "Импорт ‒ бонд қоймахана ‒ арнаўлы электрон саўда платформасы ‒ тутыныўшы" циклине тийкарланған жаңа механизмди 2026-2028-жылларда тәжирийбе-сынақ тәризинде енгизиў усыныс етилди.
Оған бола, товарлар бонд қоймаханасына жайластырылады, арнаўлы электрон саўда платформасы арқалы сатылады, бажыхана декларациясы ҳәм бажы төлемлери тиккелей сатыў басқышында әмелге асырылады. Бундай платформа ҳәм қоймаханалар тийисли реестрлерге киргизилип, Бажыхана комитетинде есапқа алынады.
Бонд қоймаханалары жергиликли ислеп шығарыўшылардың сыртқы базарларға шығыўын жеңиллестириў, айланыс қаржыға жүклемени азайтыў, логистика қәрежетлерин қысқартыў ҳәм экспорттың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы электрон коммерцияны экономиканың драйверлеринен бирине айландырыў, тараўда заманагөй инфраструктура жаратыў, санлы платформалар ушын қолайлы ҳәм ашық-айдын орталық жаратыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.