Мағлыўмат ушын: 2026-жыл 15-июль күни суткалық электр энергиясын ислеп шығарыў 291,4 млн кВт/с болған ҳәм бул да жаңа рекорд болған. Бул 14-июль күни дизимге алынған 287,3 млн кВт/с муғдарындағы алдынғы максимал көрсеткиштен 4,1 млн кВт/с ямаса 1,43% ке көп.

Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, электр энергиясынан пайдаланыўдың жоқары дәўиринде электр тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде энергетика кәрханаларының авариялық-оңлаў бригадалары күшейтилген режимде жумыс алып барып, электр тармақларындағы насазлықлар ҳәм авариялық жағдайларды жеделлик пенен сапластырмақта.

Атап айтқанда, күни кеше энергетиклер тәрепинен Ташкент қаласының Учтепа, Чиланзар, Шайхонтоҳур, Мырза Улығбек, Яшнобод ҳәм Сергели районларындағы электр тармақларының айырым бөлимлеринде жүзеге келген насазлықлар оператив түрде сапластырылды.

Сондай-ақ, саат 10:56 да Ферғана ўәлаятындағы "Л-Арсиф-1" электр узатыў тармағында насазлық бақланған. Нәтийжеде Қува районындағы тутыныўшылардың бир бөлеги электр тәмийнатынан ўақтынша үзилди. Саат 11:35 те насазлық сапластырылып, тутыныўшылардың электр тәмийнаты толық тикленди.

16-июль күни саат 00:12 де Ташкент қаласындағы подстанцияда насазлық бақланды. Нәтийжеде Чиланзар ҳәм Яккасарай районларының айырым аймақларында электр тәмийнатында ўақтынша үзилислер бақланбақта. Энергетиклер насазлықты сапластырыў жумысларын даўам еттирмекте.

Электр станциялары, подстанциялар, трансформатор пунктлери, электр жеткерип бериў линиялары ҳәм басқа да үскенелерди модернизациялаў, олардың қуўатлылығын арттырыў бойынша комплексли жумыслар даўам еттирилмекте. Бул мәўсимлик жүклемелер дәўиринде тутыныўшылардың электр тәмийнатының исенимлилигин арттырыўға хызмет етеди.

Айрым аймақларда электр энергиясынан пайдаланыўдың ең жоқары дәрежесинде электр тармақларындағы техникалық насазлықлар себепли электр тәмийнатында ўақтынша үзилислер болыўы мүмкин. Энергетиклер электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеў бойынша күни-түни жумыс алып бармақта.

Пуқаралардан өзин ҳәм жақынларын қәстерлеп сақлаў, әсиресе, ыссы күнлерде денсаўлығына итибарлы болыў, электр энергиясынан ақылға уғрас пайдаланыў соралмақта. Бул ҳәр бир инсанға турақлы электр тәмийнатын тәмийинлеўге өз үлесин қосыў имканиятын береди.