28-август күни "Шейитлер естелиги" қыябанында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нураныйлар, диний уламалар, зыялылар жыйналды.

Репрессия қурбанларын еслеў мәресиминде Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Ўатан пидайыларының естелигине Қуран оқылып, пәтия етилди. Еслеў асы берилди.

Бул қыябанда жайласқан рәмзий қәбир жанында да Қуран сүрелери оқылды. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде диний уламалар ҳәм зыялылар менен тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў, репрессия қурбанларының атларын тиклеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелери бойынша сәўбетлести.

- Усы күнлерде пүткил елимиз миллий ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығын үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта, - деди Шавкат Мирзиёев. - Мине, отыз бес жылдан берли ҳеш кимге қарам болмастан, тыныш ҳәм ашық аспан астында еркин ҳәм абадан турмыста жасап атырмыз. Бул үлкен бахыт, бийбаҳа байлық. Бундай қутлы күнлерде ғәрезсизлик ҳәм азатлық жолында қурбан болған қаҳарман ата-бабаларымызды еслеў, олардың жарқын естелигин қәдирлеў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы пидайы ата-бабаларымыздың қаҳарманлығы ҳеш қашан умытылмайтуғынын, олардың мәртлиги халқымыз ушын мәңги руўхый күш-қүдирет дәреги болып қалатуғынын атап өтти.

- Барлық реформаларымыздың тийкарында турған "Инсан қәдири ушын!" деген ийгиликли идея мәрт ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды буннан былай да күшейтиўди талап етпекте. Қәдирли инсанларымыздың естелигин қанша қәдирлесек, бүгинги тыныш турмысымызды, миллий ғәрезсизлигимизди сонша қәдирлеймиз, - деди Президент.

Кейинги жылларда репрессия қурбанларының естелигин мәңгилестириў, тарийхый әдилликти тиклеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. "Шейитлер естелиги" комплексиндеги "Репрессия қурбанлары естелиги" музейи толық реконструкцияланып, заманагөй технологиялар менен үскенеленди, экспозициясы кеңейтилди. Санлы системалар ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде музей экспонатларының тәсиршеңлиги ҳәм көргизбелилиги арттырылды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда шөлкемлестирилген репрессия қурбанлары естелиги музейлери де заманагөй үскенеленген. Олардың фондлары дүньяның ҳәр қыйлы орынларынан алып келинген сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлер ҳәм фотосүўретлер менен толықтырылмақта.

2021-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен репрессия қурбаны болған 1 мың 200 ден аслам ўатанласларымыздың аты ақланды. Быйылғы жылы бурынғы тоталитар дүзим дәўиринде нызамсыз айыпланып, ҳәр қыйлы мүддетлерге еркинен айырыў ямаса өлим жазасына ҳүким етилген және 161 ўатанласымыз ақланды.

Кейинги бес жылда жадид бабаларымыздың мийрасын үйрениўге бағышланған илимий-әмелий конференциялар турақлы өткерилмекте. Тоталитар дүзим дәўиринде бийгүна репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың атлары анықланып, олардың жумысы, илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасы үйренилмекте. Жүзлеген ҳәм мыңлаған пидайы ўатанласларымыз ҳаққындағы мағлыўматлар китаплар, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткерилмекте.

Сөйлесиўде өткен әсирдиң 80-жылларында да "пахта иси", "өзбек иси" сыяқлы жалған айыплаўлар бойынша мыңлаған ўатанласларымыз сиясий репрессияға ушырағаны атап өтилди. 1983-1990-жыллары Өзбекстанның 40 мың халқы тергеўге тартылды, олардың 5 мыңы жынайый жуўапкершиликке тартылды. Бүгинги күнде бул дәўирдеги ўақыялар бойынша да тарийхый әдиллик тикленбекте. Бул ийгиликли жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде дүньяда қураллы келиспеўшиликлер ҳәм сиясий қарама-қарсылықлар күшейип, бизге жақын аймақларға да тарқалып атырғаны қәўетерге салып атырғанын атап өтти. Бул елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиўди, және де бирлесип, татыў ҳәм аўызбиршиликли жасаўды талап етеди.

- Бизиң жолымыз - тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў жолы. Өзбекстан бул жолдан ҳеш қашан артқа қайтпайды, - деди Президент.

Бүгин ўатанласларымыз дүньяның қәлеген мәмлекетине еркин бармақта, Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен теңлик тийкарында бирге ислесип келмекте. Бул бизиң колониализм ҳәм "пахта қуллығы" шынжырларынан пүткиллей азат болғанымыздың әмелий көриниси болып табылады.

Жаңа Өзбекстанның раўажланыўының әҳмийетли шәрти билим ҳәм ағартыўшылық тийкарында турмыс ҳәм келешегин қурыў, узақ ҳәм жақын мәмлекетлер менен дослық бирге ислесиў екени атап өтилди. Уллы жадидлер миллетти ояныўға, илимге, ағартыўшылыққа бийкарға шақырмаған. Олардың гүрес ҳәм ағартыўшылық мектеби бүгинги күнде де оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Соның ушын жаслардың сапалы билим алыўы, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбияланыўына үлкен итибар қаратылмақта. Соңғы он жылда жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 77 ден 205 ке көбейди, қабыллаў квоталары турақлы түрде кеңейтилди. Дүньяның 100 ең жақсы жоқары оқыў орынларының қатарына киретуғын университетлерде 3 мың 500 ден аслам ул-қызларымыз билим алмақта. Мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў системасында да әҳмийетли өзгерислер жүз бермекте.

- Жасларымызды миллий мақтаныш руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар бериўимиз керек. Миллий мақтаныш - инсан қәлбине, руўхына күш-ғайрат бағышлайтуғын қүдиретли күш. Миллий мақтанышы бар инсанды жеңип болмайды, - деди Шавкат Мирзиёев.

Пайтахтымызда Ислам цивилизациясы орайы қурылды, Самарқандта Имам Бухарий комплекси қайтадан қурылды, Марғиланда Бурҳониддин Марғиноний атындағы орай жумыс баслады. Булардың барлығы Жаңа Өзбекстанның раўажланыў жолы тынышлық, дослық ҳәм дөретиўшилик, илим ҳәм ағартыўшылық екенин тастыйықлайды.

Соңғы он жылда диний тараўда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 100 мыңнан аслам ўатанласларымыз ҳажға барыў имканиятына ийе болды. Мәмлекетимиз басшысы диний жәмийетшилик жәмийетте өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, жасларды дурыс тәрбиялаўда буннан былай да белсене қатнасатуғынына исеним билдирди.

- Бүгин мине усы теберик зыярат орнында турып, тыныш ҳәм татыў турмысымыз, ерисип атырған жетискенликлеримиз ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик етемиз. Мине, усындай азат ҳәм абадан күнлерди әрман еткен қаҳарман ата-бабаларымыз, мәрт аналарымыздың руўхы жайласын! Елимиз тыныш турмыс, раўажланыў ҳәм абаданлық ели сыпатында буннан былай да раўажланып барсын! Жаратқанның өзи Ўатанымызды ҳәмийше қәстерлеп сақласын! - деди Президент.

Илаж соңында елимизде тынышлық-татыўлық, абаданлық мәңги болыўын тилеп, репрессия қурбанлары ҳәм Ўатан азатлығы жолында жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың атына пәтия етилди.