Мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин Мәмлекетлик Думаға сайлаў табыслы
өткерилгени менен қызғын қутлықлап, парламенттиң жаңа қурамының жумысына
нәтийжели жумыс тиледи.
Сөйлесиўде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў
шеңберинде Өзбекстан - Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық
қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Аймақлар кеңесиниң гезектеги мәжилислери,
сондай-ақ, Россияда Өзбекстан мәденият күнлерин нәтийжели өткериў әҳмийетли
екенлиги атап өтилди.
Тәреплер болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де көрип шықты.