Хакерлер дүканлардағы суўытқыш үскенелериниң температурасын тәртипке салыўшы программалық тәмийнатты қадағалаўға алды. Жәбирленген усақлап сатыў тармақларынан бириниң айтыўынша, айырым музлатқышлардың температурасы бир түнде 50 Цельсийге шекем шекем көтерилген.

“Coopérative U” компаниясының бас директоры Доминик Шельше бир неше супермаркетлерге етилген ҳүжимди ең аўыр ҳәдийсе, деп атады.

Киберҳүжим “Coopérative U” тармағындағы 100 ден аслам супермаркетлерге, сондай-ақ, “Intermarché” ҳәм оның “Netto” брендиниң 180 дана дүканына тәсир көрсетти. “Intermarché” ўәкилиниң айтыўынша, усындай ҳүжимлердиң алдын алыў ушын және 100 дүкан қыстаўлы түрде интернеттен үзилген.

“Carrefour” компаниясының мәлим етиўинше, оның 6000 дүканынан 80 инде суўытыўды басқарыў системалары бузылған. “Monoprix” тармағының 400 дүканының 5 проценттен асламы киберҳүжимнен зыян көрди.

Қәўипсизлиги кепилленбеген азық-аўқат өнимлери сатыўдан алып тасланды, деп хабар берди “Kazinform”.

“Intermarché” ҳәм “Netto” тармақларына ийелик етиўши “Mousquetaires” топары “BBC”ге дүйшемби күни түстен кейин айырым музлатқышлар ҳәм суўытқышлар елеге шекем ислемей атырғанын айтты.

Компания дүканлар барлық зәрүр илажларды көргенин ҳәм зыянланған музлатқышлардан өнимлерди алып таслағанын айтты. Хызметкерлер шкафларды мүмкин болғанынша тезирек толтырыў үстинде ислемекте.

Тергеў мағлыўматларына бола, киберҳүжимниң тийкарғы нышаны Дания инженерлик компаниясы “Danfoss” тәрепинен ислеп шығылған программалық тәмийнат болған.

Бул система усақлап сатыў тармақларына суўытыў үскенелерин аралықтан басқарыў имканиятын береди.

Әдетте, супермаркетлердеги музлатқышлар түнде қысқа мүддетли еритиў циклинде болады. Бул ўақыт ишинде олардың температурасы бираз көтериледи.

Бирақ, хакерлер үскенениң қыздырыўын арттырып, жоқары температураның узақ мүддет сақланыўына себеп болды.

Киберҳүжимниң толық көлеми еле анықланбаған. Бирақ, айырым усақлап сатыў тармақларынан алынған мағлыўматларға бола, Франциядағы шама менен 15 000 супермаркеттен 400 и зыян көрген.

Франция прокуратурасы кибержынаят бойынша өз алдына тергеў баслады.

Париж прокуратурасы бул ҳәдийсени мәмлекет бойлап бир неше ири азық-аўқат усақлап сатыў тармақларының суўытқыш үскенелерине исленген кең көлемли киберҳүжим деп атады.

Европа Комиссиясының Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат бойынша комиссары Кристоф Хансен Х социаллық тармағына болған ҳүжимди қаралады.

- Азық-аўқат қәўипсизлиги барлық дәрежелерде айрықша итибарды талап етеди. Себеби азық-аўқаттың қуралға айланыўы ҳақыйқатқа айланды, — деп жазған ол.

“Coopérative U” бас директоры Доминик Шельше де Х хызметкерлери жағдайды тиклеў ушын толық жумсалғанын айтты.

Оның сөзлерине бола, компания қәнигелери суўытқыш үскенелерине хызмет көрсетиўши қәнигелер менен биргеликте системалардың нормал ислеўин имканы болғанынша тезирек тиклеў үстинде ислемекте.

Ол сондай-ақ, киберҳүжим бойынша толық тергеў өткериўге шақырды.