Кризис дәрежесинде тек ғана денсаўлықты сақлаў, пуқаралардың
қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишимлик суўы ҳәм санитариялық зәрүрликлер ушын суўдан
пайдаланыўға рухсат бериледи.
Қәўетерлениў дәрежеси жоқары болғанда бағ ҳәм жасыл майданларды суўғарыў,
ҳәўизлерди толтырыў, автомобильлерди жуўыў, егислик жерлерди суўғарыўға
шеклеўлер киргизиледи.
Буннан алдын,
27-июль күни Францияның экологиялық өтиў министри Моник Барбю мәмлекеттиң 47
департаментинде ишимлик суўы тәмийнаты менен байланыслы машқалалар бар
екенлигин мәлим еткен еди.
Оның айтыўынша,
суў тәмийнатындағы үзилислер 80 коммунадағы 30 мыңнан аслам адамға тәсир еткен.
Сол себепли пуқаралар ишимлик суўын автоцистерналарда жеткерип бериўге ямаса
шийше түринде бериўге мәжбүр болған.
Франция ҳәкимияты
суў ресурслары менен байланыслы жағдайды бақлаўды даўам еттирмекте ҳәм ең көп
зыян көрген аймақларда олардың тутыныўын шеклеў илажларын көрмекте.