Тәреплер еки тәреплеме туризм байланысларын раўажландырыў, кәсиплик бирге
ислесиўди кеңейтиў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады.
Ушырасыўда Өзбекстанды Франция базарында алға қойыў, еки мәмлекет туризм
тараўы ўәкиллери арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў, мәмлекетлик
структуралар, бизнес ҳәм профессионал жәмийетшилик арасындағы бирге ислесиўдиң
жаңа форматларын жаратыў мәселелери тийкарғы темаға айланды.
Мәмлекетимиздиң “IFTM
Top Resa 2026” абырайлы халықаралық туризм көргизбесиниң ҳүрметли мийманы
статусына ийе болыўы Өзбекстанға Франция туризм базары менен профессионаллық
сөйлесиўди жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм мәмлекетимиз имканиятларын халықаралық
қатнасыўшылардың кең шеңберине таныстырыў имканиятын берди.