Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Жаңа Ташкентти қурыў дирекциясында болды. Бул жерде қаланың үлкен макети ҳәм санлы картасы тийкарында жумыслардың улыўма барысы, ири объектлердиң өз-ара жайласыўы ҳәм келешектеги қурылыс режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Объектлерди қурыў менен бирге транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасын үйлестирип раўажландырыў, жасыл аймақлар ҳәм жәмийетлик мәканларды өз-ара байланыстырыў, Жаңа Ташкентти пайтахтымыздың ҳәзирги аймағы менен интеграциялаў мәселелери көрип шығылды. Барлық жойбарларды бирден-бир қала қурылысы коньцепциясы шеңберинде, жоқары сапа ҳәм архитектуралық үйлесимлиликти тәмийинлеген ҳалда әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан соң Президентимиз Жаңа Ташкент қаласында қурылып атырған Низамий атындағы Өзбекстан Миллий педагогикалық университетиниң кампусы менен танысты.

Комплекс Жаңа Ташкенттиң биринши басқышы шеңберинде қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта ректорат ҳәм бир қатар факультетлер имаратларында жуўмақлаўшы қурылыс-пардозлаў жумыслары алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы имаратлардың ишки майданлары, оқыў ҳәм басқарыў ханаларының жайласыўы, инженерлик тармақлары, аймақты абаданластырыў жумысларын көзден өткерди. Жуўапкерлер қурылыс процеси, имаратлардың үскенелениўи ҳәм кампустың пайдаланыўға тапсырылыўына таярлық ҳаққында мәлимлеме берди.

Жаңа кампус қурамында оқыў имаратлары, илимий лабораториялар, мәлимлеме-ресурс орайы, электрон китапхана, студентлер турақ жайлары, спорт ҳәм мәденият объектлери болады. Бул жерде билимлендириў, илимий изертлеў ҳәм студентлик турмысын бирлестиретуғын бирден-бир орталық жаратылады.

Университетте халықаралық билимлендириў стандартларын басқышпа-басқыш енгизиў, басқарыў системасын "Жаңа Өзбекстан" университети тәжирийбеси тийкарында трансформациялаў нәзерде тутылған. Оқыў процесслерин заманагөй санлы платформалар арқалы басқарыў нәзерде тутылмақта.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкент қаласындағы Өзбекстан Миллий китапханасының жаңа имараты қурылысының барысы менен танысты.

Объект жаңа қаланың әҳмийетли илимий-ағартыўшылық орайларынан бири сыпатында қурылмақта. Жаңа Ташкенттиң қурылысы, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм ағартыўшылық обектлеринен басланған болып, онда Миллий китапхана әҳмийетли орын ийелейди.

Ҳәзирги ўақытта комплексте қурылыс-пардозлаў жумыслары 90 процентке орынланған. Китапхананың пайдаланыўға тапсырылыўы усы жылы режелестирилген.

Улыўма майданы 30 мың квадрат метрден аслам төрт қабатлы имарат бир ўақыттың өзинде 1 мың 420 оқыўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Оның архитектуралық көринисинде миллий дәстүрлер ҳәм заманагөй шешимлер өз-ара үнлес.

Китапханада китап фондларын сақлаў, есапқа алыў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм зыянсызландырыў ушын арнаўлы жоқары технологиялық ханалар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, ең ири миллий ҳәм сырт ел китапханаларының электрон базаларынан онлайн пайдаланыў тәмийинленеди.

Көзи әззи пуқаралар ушын арнаўлы билимлендириў ҳәм изертлеў орталығы жаратылады. Сондай-ақ, 300 орынлық кафе, галерея, спорт майданлары, дем алыў орынлары шөлкемлестирилген. Усы тәризде китапхана китапқумарлық, илимий излениў ҳәм мәдений-ағартыўшылық байланысларды өзинде жәмлеген заманагөй орайға айланады.

Қурылыс ҳәм безеў жумысларын сапалы жуўмақлаў, китапхана фонды, санлы хызметлер ҳәм келиўшилер ушын шараятларды үйлесимли шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Гезектеги бағдар "Жаңа Өзбекстан" университетиниң жаңа кампусы болды.

50 гектар майданда қурылып атырған комплекс 10 мың студентке мөлшерленген. Бул жерде факультетлер ҳәм ректорат имаратлары менен бирге китапхана, музей, көргизбе ҳәм мультимедиа заллары, спорт комплекси, жүзиў бассейни, студентлер турақ жайлары болады.

Жаңа кампусда билимлендириў, илимий-изертлеў, инновация ҳәм студентлик турмысын өзинде жәмлеген бирден-бир орталық жаратыўға айрықша итибар қаратылған.

Бул билимлендириў ҳәм ағартыўшылық дәргайлары Жаңа Ташкентте заманагөй илимий-ағартыўшылық орталықты қәлиплестирип, жаслардың билим ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Жаңа Ташкент қаласында қурылып атырған заманагөй футбол стадионының қурылысы да көзден өткерилди.

55 мың тамашагөйге мөлшерленген аренаның қурылысы 2025-жыл ноябрьде басланған еди. Ҳәзирги ўақытта жумыслардың 65 проценти орынланған.

Стадион 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилетуғын жәҳән чемпионатының тийкарғы майданы болады. Бул жерде жарыстың ярым финал ҳәм финал ойынлары өткерилиўи режелестирилген.

6 қабатлы спорт комплекси ФИФА талапларына толық сәйкес ҳалда қурылмақта. Бул жерде спортшылар, ықласбентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын заманагөй шараятлар жаратылады.

Тамашагөйлер қолайлы ҳәрекетлениўи ушын 10 нан аслам эскалатор орнатылады. Стадион аймағында үш шынығыў майданы ҳәм 5 мың 500 орынлық автомобиль туратуғын орын шөлкемлестириледи. Арена жанында метро бәндиргиси де қурылады.

Имараттың архитектуралық көринисинде заманагөй шешимлер миллий дәстүрлер менен үнлес. "Жасыл энергетика", "ақыллы басқарыў" ҳәм экологиялық турақлылық принциплерине айрықша итибар қаратылмақта.

Арена тек ғана ири халықаралық жарыслар өткерилетуғын майдан емес, ал жаслар спортын раўажландырыў, профессионал футболшыларды таярлаў, мәмлекетимиздиң заманагөй спорт инфраструктурасын кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларын өз мүддетинде ҳәм сапалы жуўмақлаў, стадионның транспорт системасы ҳәм улыўма Жаңа Ташкент қаласының қурылыс орталығы менен үйлесимли интеграциясын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.