"Туран" халықаралық шаңарағының кеңейиўи юбилей күнлеринде де даўам етпекте. Соның ишинде, 25-август күни Перу полиция ҳәм өрт өшириўшилер спорт федерациясы "Туран"ды рәсмий тән алып, Халықаралық федерацияға қосылды ҳәм өзбек миллий спорт түриниң Қубла Америкадағы орнын беккемледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Бул халықаралық басламаның рәмзий даўамы сыпатында Нью-Йорк қаласының қақ ортасында "Туран"ның презентациясы болып өтти. Таймс-сквер майданында Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимге бағышланған видеоматериаллар көрсетилди.

Бүгинги күнде "Туран" географиясы Өзбекстан, Қазақстан, Қыргызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Ҳиндстан, Индонезия, Жаңа Зеландия, Пакистан, Иран, Әзербайжан, Аўғанстан, Япония, Корея Республикасы, Туркия, Уллы Британия, Нидерландия, Польша, Испания, Венгрия, Марокко, Египет, Нигерия, Уганда, Алжир, АҚШ, Канада, Мексика, Коста-Рика, Ямайка, Парагвай, Чили, Уругвай, Боливия, Перу сыяқлы мәмлекетлерди өз ишине алады.

2025-жыл 15-июль күни Нью-Йорк штатында "Туран" халықаралық федерациясының шөлкемлестирилгени "Туран"ды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли басқыш болды. Федерацияны дизимнен өткериў Өзбекстанның Нью-Йорк қаласындағы Бас консуллығының жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Бас консулханада атап өтилгениндей, бундай басламаларды қоллап-қуўатлаўға, бәринен бурын, Өзбекстанның миллий мийрасын, оның тарийхы, мәденияты ҳәм дәстүрлерин сырт елде үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумыслардың бир бөлеги сыпатында қаралмақта.

Халықаралық "Туран" федерациясының президенти Фаррух Ниязимбетов ерисилген жетискенлик тек ғана спортты раўажландырыў емес, ал елимиздиң миллий қәдириятларын үгит-нәсиятлаўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

"Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен "Туран" шаңарағы 35 мәмлекетти бирлестирмекте. Бул сан артында өзбек миллий спортына қызығыўшылық билдирген түрли халық ҳәм мәденият ўәкиллери бар. Мақсетимиз тек ғана жарыс өткериў емес. "Туран" арқалы биз Өзбекстанды, оның бай миллий мийрасын дүньяға танытыўды мақсет еткенбиз", - деп атап өтти Фаррух Ниязимбетов.

"Туран"ның халықаралық раўажланыўы соңғы жыллары сезилерли дәрежеде жеделлести. 2025-жыл декабрь айында Ташкентте биринши халықаралық конференция өткерилди, усы жылдың 1-5-июнь күнлери пайтахтымыз биринши Жәҳән кубогине басшылық етти, онда 25 мәмлекеттен 500 ден аслам жас спортшылар қатнасты.

Соның менен бирге, билимлендириў бағдары кеңейтилмекте. Дене мәденияты университетинде "Туран" бойынша таярлық жумыслары жолға қойылып, бул жерге биринши мәрте 28 абитуриент қабыл етилди. Уругвай ҳәм Боливияда бул спорт түрин мектеплер, жоқары оқыў орынларының билимлендириў бағдарламаларына ҳәм полиция хызметкерлерин таярлаў системасына енгизиў бойынша басламалар алға қойылды.

"Бүгинги күнде "Туран" халықаралық спорт картасында өз орнын ийелеп үлгерди. Ендиги ўазыйпа - географияны кеңейтиў, жаңа шериклерди тартыў ҳәм оның халықаралық абырайын избе-из беккемлеў", - деди Фаррух Ниязимбетов.

"Туран" бүгинги күнде тек ғана миллий спорт түри сыпатында емес, ал Өзбекстанның өзине тән спорт елшиси сыпатында елимизди, оның миллий мийрасын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.