Ушырасыўда мәмлекетимиздиң транспорт ҳәм социаллық инфраструктурасын раўажландырыў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Тәреплер биргеликтеги инвестициялық платформаның жаратылыўын қоллап-қуўатлады.

Илимий-санаат биокластерин жаратыў бойынша жаңа жойбар шеңберинде илим, санаат ҳәм заманагөй технологияларды бирлестирген тутас экосистеманы қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер аэропорттың өзин, алдынғы логистика хабларын ҳәм турақ жай инфраструктурасын бирден-бир системаға бирлестирген жаңа Ташкент халықаралық аэропорты әтирапындағы аймақты раўажландырыў бойынша мастер-реже таярлаў зәрүрлигин атап өтти.