Дүньяда технологиялық металлар ҳәм әҳмийетли минералларға болған талап сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бундай шийки зат ҳәм өнимлер электротехника, машина қурылысы, авиация, энергетика, медицина ҳәм басқа да жоқары технологиялық тараўларда оғада зәрүр болып, экономикалық қәўипсизлик ҳәм санааттың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Мәмлекетимиз бул бағдарда үлкен потенциалға ийе. Бирақ ҳәзирги ўақытта Өзбекстан технологиялық металлар комбинатының жумысы, тийкарынан, вольфрам ҳәм молибден ислеп шығарыў менен шекленип қалмақта. Ҳәзирги ўақытта жаңа кәнлерди өзлестириў, байытыў фабрикалары, гидро ҳәм пирометаллургия заводларын қурыў арқалы 28 түрдеги ең әҳмийетли пайдалы қазылмаларды санаат усылында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў имканияты бар.

Презентацияда 2026-2030-жылларда бул потенциалды толық иске қосыўға қаратылған режелер көрип шығылды. Атап айтқанда, улыўма баҳасы 4,2 миллиард долларлық 120 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бул тармақ көлемин 2028-жылға барып 1 миллиард долларға, 2030-жылға барып 2 миллиард долларға жеткериў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Усы жылдың өзинде улыўма баҳасы 166 миллион долларлық 12 жойбарды иске қосыў нәзерде тутылған. Нәтийжеде 3 түрдеги жаңа металлар - жоқары тазалықтағы селен, теллур ҳәм рений, 21 түрдеги импорттың орнын басатуғын өнимлер, соның ишинде, унтақ металлургия тийкарында ислеп шығарылатуғын автокомпонентлер, сондай-ақ, сульфат кислота ислеп шығарыў жолға қойылады. Сондай-ақ, жаңа өндирис қуўатлықларының иске қосылыўы есабынан жүзлеген жумыс орынлары жаратылады, бюджетке түсимлер көбееди, экспорт имканиятлары кеңееди.

Волфрам ҳәм молибденди қайта ислеў тараўында "шийки зат - қайта ислеў - таяр өним" толық шынжырын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды. Бул тек концентрат ҳәм ярым таяр өнимлер емес, ал жоқары қосымша қунлы өнимлер - металл унтақлары, еритпелер, стерженьлер, сымлар, санаат бөлеклери ҳәм басқа да таяр өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў имканиятын береди.

Оның ушын Шыршық қаласында "Келешек металлары" технопарки ҳәм R&D орайының жумысын кең көлемде жолға қойыў нәзерде тутылған. Бул жерде илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў, жүдә таза металлар ҳәм инновациялық өнимлер ислеп шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратылады.

Президентимиз технопарк ҳәм оның резидентлерине жер участкалары ҳәм инфраструктурадан пайдаланыўда қосымша жеңилликлер бериў, стартап жойбарларды қаржыландырыў бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Орайлық Азияда бирден-бир әҳмийетли минераллар бойынша илимий-изертлеў ҳәм технологиялық орайды шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Шыршық қаласында шөлкемлестирилетуғын наноанализ лабораториясы геология, таў-кән ҳәм металлургия тараўларындағы жойбарлар ушын заманагөй аналитикалық хызметлер көрсетеди. Лаборатория толық иске қосылғаннан соң, күнине мыңға шекем үлги анализлеў, 6,5 миллион долларлық хызмет импортын локализациялаў, және 4 миллион долларлық хызмет экспортын жолға қойыў имканияты жаратылады.

Геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, перспективалы майдан ҳәм кәнлерди халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў, техноген шығындыларды қайта ислеў, тараўдағы жойбарларды жеделлестириў ушын сырт ел инвесторлары ҳәм технологиялық шериклерди жедел тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Геологиялық мағлыўматлардың бирден-бир санлы базасын қәлиплестириў, геологиялық-излеў жумысларын 3D модельлестириў, өндирис процесслерин реал ўақыт режиминде мониторинг етиў, заманагөй платформалардан пайдаланған ҳалда базар анализин ҳәм жойбарларды басқарыўды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Тараў ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Ташкент мәмлекетлик техника университети менен биргеликте дуал билимлендириў системасы енгизилип, Технологиялық металлар комбинаты негизинде металлургия ҳәм материалтаныў бағдарлары бойынша 2 кафедра ашылды. Бүгинги күнде кәрханада университеттиң 64 студенти өндирислик әмелият өтеп келмекте. Жуўапкерлерге дуал билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў, оқыў бағдарламаларын жаңа жойбарлар талабына бейимлестириў, питкериўшилерди жоқары технологиялық өндирислерге бағдарлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы санаатта жаңа тармақларды қәлиплестириў, экспортты көбейтиў, технологиялық еркинликти тәмийинлеў ҳәм жоқары маманлықтағы жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўының орны айрықша екенин атап өтти.

Жуўапкерлерге 2026-2030-жылларға мөлшерленген жойбарлардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.