Көпшиликте тәбийғый сораў туўылады: SAT өзи қандай имтихан ҳәм жасларға не береди?

Дүньядағы ен белгили академиялық имтиханлардан бири SAT (SAT — инглизше Scholastic Assessment Test) ди өзбек тилине "Оқыўшылардың академиялық билимлерин баҳалаў тести" деп аўдармалаў мүмкин. Ол АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлердеги көплеген университетлерге кириўде қолланылатуғын стандартластырылған тест болып, жасларымызға халықаралық жоқары оқыў орынларына грант утыў имканиятын береди. Бул сынақта оқыўшыларға жәми 98 сораў бериледи ҳәм жуўаплар ушын 2 саат 14 минут ўақыт ажыратылады. Дәслепки сораўларга қандай жуўап бериўиңизге қарап кейинги сораўлардың қурамалылық дәрежеси өзгереди.

Халықаралық шөлкемлердиң 2026-жылғы мағлыўматларына бола, SAT имтиханын тапсырған мектеп питкериўшилериниң орташа нәтийжеси 1045 баллды қурайды ҳәм ең жоқары нәтийже — 1600 балл. Өзбек жаслары арасында бул көрсеткишке ерисип атырған жигит-қызлардың бар екенлиги, олардың қатары әсте-ақырын кеңейип атырғаны қуўанышлы.

Ташкенттеги Вестминстер академиялық лицейи оқыўшысы Гулинур Қаршибоева да SAT имтиханынан жоқары нәтийжени қолға киргизди. Оның ана тили, математика ҳәм шет тили бойынша да салмақлы жетискенликлери бар.

- SAT ға таярланып атырғанымда, дәслеп 1500 балл топласам болды, бул да жетерли нәтийже ғой, деген пикирде едим, — дейди Гүлинур. - Бирақ устазларымның мәсләҳәтлери менен қатаңырақ таярланып, екинши мәрте имтиханға кирдим. Сонда 1550 ден жоқары, ҳәттеки 1600 де алыў мүмкин екенин түсингенмен. Себеби биринши рет көп қәтеликлер ислегенмен. Қәтелерим үстинде ислесем, имтихан онша қыйын болмайтуғынын кейинги сапары терең сездим.

Гүлинур тек ғана SAT имтиханынан емес, ал ана тили ҳәм әдебият, математика пәнинен миллий сертификатты алыў ушын да жақсы балл топлаған. Сондай-ақ, халықаралық тил билиў дәрежесин анықлаў тестинен С1 дәрежесин қолға киргизген. Әлбетте, жоқары нәтийжениң әҳмийети тек бир оқыўшының табысы менен шекленбейди. Бундай жетискенликлер қаҳарманымыздың заманласлары ушын да әҳмийетли үлги бола алады.

Гүлинурдың бундай нәтийжелерге ерисиўинде шаңарақтағы орталық, устазлардың мийнети ҳәм, әлбетте, билимлендириў процесиндеги қоллап-қуўатлаў да әҳмийетли орын ийелейди.

Табысларымыз бар. Келеси жылы да, әлбетте, 1600 лик шек қолға киргизиледи. Усы күнлерде шыққан нәтийжелерге қарағанда, жаслардың көпшилиги 1500 ден жоқары нәтийжени атап өткен.

Ҳәзирги ўақытқа шекем ерисилген жетискенликлер Гүлинур ушын жуўмақ емес, жаңа шеклерге қарай ашылған есик болып табылады. Халықаралық имтихандағы бундай нәтийже оның сырт ел университетлерине ҳүжжет тапсырыў имканиятларын және де кеңейтиўи мүмкин.

- Алдымызда жаңа билимлер, жаңа орталық ҳәм және де үлкен мақсетлер тур, — дейди Гүлинур Қаршибаева. - Лицей турмысында, тийкарынан, академиялық илажларда белсендимен. Олимпиада, жарысларды өткерип жибермеўге ҳәрекет етемен. Келешектеги мақсетим ТОП университетлерге кириў. Атап айтқанда, Германия жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў нийетим бар. Себеби бул мәмлекетте де билимлендириў системасы ҳәўес етсе арзыйтуғын дәрежеде раўажланған. Жаңа технологиялар, жаңаша усыллар жетилискен.

Ҳәзирги ўақытта қаҳарманымыз сыяқлы ТОП жоқары оқыў орынларына кириў ушын таярланып атырған жаслар көп. Олардың бәри ийне менен қудық қазыўдай машақатлы процесс — илим жолын таңлаған. Солай екен, бул жолда ушырасатуғын ҳәр бир асырымнан еплеп өтип, мақсетке жақынласады. Биз болса бундай жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан тек ғана пайда көремиз. Себеби, терең билимге ийе, еркин пикирлейтуғын ҳәм өз алдына анық мақсет қойған жаслар ертеңги күнниң маман қәнигелери, илимпазлары ҳәм жетекшилерине айланыўы мүмкин.

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы