БРИКС Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Руссефф пенен ушырасыў тийкарғыларынан бири болды. Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер "жасыл" экономика, турақлы инфраструктура ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў жойбарларын қаржыландырыў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

Азиз Абдуҳакимов Өзбекстан Жаңа раўажланыў банкине турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық өзгерислерди қоллап-қуўатлаўшы жетекши көп тәреплеме қаржы институты сыпатында үлкен әҳмийет қаратып атырғанын атап өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде "жасыл" экономика қурыў, климат турақлылығын беккемлеў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Тәреплер қайта тиклениўши энергетика, суў ресурсларын турақлы басқарыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климатқа бейимлесиў тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятларын додалады. Өзбекстанның "жасыл" күн тәртибин алға қойыў ҳәм пүткил Орайлық Азия регионының климат турақлылығын беккемлеўге хызмет етиўи мүмкин болған перспективалы инвестициялық жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда 2030-жылға шекем бир миллиард түп терек ҳәм пута нәллерин егиў, қорғалатуғын аймақлардың майданын мәмлекетимиз аймағының 21 процентине шекем кеңейтиў, ҳәр бир аймақта дендрология бағларын шөлкемлестириў, шығындыларды қайта ислеў дәрежесин 40 процентке жеткериў, атмосфераға патасландырыўшы элементлер шығарылыўын азайтыў, жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў бойынша миллий экологиялық басламалар ҳәм мақсетлер таныстырылды.

Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) қәўендерлигинде илимий-изертлеў институтлары, орайлар ҳәм қәнигелестирилген "жасыл" техникумлар тармағын бирлестирген Өзбекстанда жаратылған экологиялық билимлендириў ҳәм илим экосистемасы менен таныстырыў өткерилди.

Сондай-ақ, жаңа раўажланыў банки менен деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм суў ресурсларын климатқа шыдамлы басқарыўды раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыўда бирге ислесиў перспективалары додаланды. Атап айтқанда, климат өзгериўи шараятында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жаўын суўын жыйнаў системалары ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жойбары таныстырылды.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ўәкилханасының атқарыўшы директоры Балаш Хендрих ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми Қурғақшылықтың алдын алыў институты бақлаў кеңесиниң баслығы доктор Ласло Орлоци менен ушырасыўда тәреплер Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Шуша қаласында болып өткен рәсмий емес саммитинде билдирген басламаларын, соның ишинде, штаб-квартирасы Арал теңизиниң экологиялық кризиси ақыбетлеринен ең көп зыян көрген аймақ - Нөкис қаласында жайласқан Түркий экологиялық кеңести шөлкемлестириў усынысын әмелге асырыў мәселесин додалады.

Климат өзгериўине бейимлесиў, қурғақшылықтың алдын алыў, жер деградациясы ҳәм қум-шаң боранларының алдын алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан тәрепи қум-шаң боранларының ерте алдын алыў бойынша миллий ҳәм регионаллық системаларды, сондай-ақ, климат қәўип-қәтерлерин басқарыў мақсетинде климат мағлыўматлары, гидрометеорологиялық мәлимлеме ҳәм илимий-изертлеўлерди интеграциялаў платформасына айланатуғын Миллий климат ҳәм гидрометеорология орайын шөлкемлестириў режелерин усыныс етти.

Сөйлесиўлер ўақтында қурғақшылық мониторинги, қәўип-қәтерлерди баҳалаў, Жерди аралықтан зондлаў ҳәм климат аналитикасы бойынша заманагөй технологияларды прогнозлаў, модельлестириў ҳәм қолланыў тараўларында бирге ислесиў перспективалары додаланды. Шөллениўге шалынған аймақларда, бәринен бурын, Аралбойында тәжирийбе жойбарларын әмелге асырыў, тәжирийбе алмасыў, қәнигелер таярлаў ҳәм институционаллық потенциалды беккемлеў бағдарламаларын шөлкемлестириўге айрықша қызығыўшылық билдирилди.

Сондай-ақ, Азиз Абдуҳакимов Түркий мәмлекетлер шөлкеми ўәкиллерин Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде Ташкентте өткерилетуғын “Eco Expo Central Asia 2027” илажында белсене қатнасыўға мирәт етти. Атап айтқанда, көргизбе шеңберинде шөллениўге қарсы гүресиў, жерлерди тиклеў, суў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қурғақшылық аймақларының турақлы экономикасын раўажландырыў бойынша инновациялық стартаплар ҳәм технологиялық шешимлер көрсетилетуғын “Desert Economy Startup Corner” арнаўлы майданын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.