Акция 28-июльден 6-сентябрьге шекем болып өтеди ҳәм елатлы пунктлердиң санитариялық жағдайын жақсылаў, аймақларды абаданластырыў, шығындыларды өз ўақтында алып шығыў ҳәм халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўға қаратылған.

Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги, оның аймақлық басқармалары ҳәм системалы шөлкемлерде жумысларды муўапықластырыў ушын арнаўлы штаблар шөлкемлестирилген. Аймақларға жуўапкер хызметкерлер бириктирилген, күни-түни нәўбетшилик ҳәм күнлик мониторинг шөлкемлестирилген.

Тийкарғы итибар аймақларды абаданластырыў, санитариялық тазалаў, турмыслық ҳәм қурылыс шығындыларын жедел алып шығыў, халыққа түсиндириў жумысларын алып барыўға қаратылған. Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы 8 мың 150 мәҳәллениң 3 мың 604 и акция илажлары менен қамтып алынған.

Күнине орташа 3-4 мың арнаўлы техника ҳәм 8-10 мың жумысшы тартылмақта. 16 мың тоннадан 20 мың тоннаға шекем қатты турмыслық шығындылар, 1,5 мың тоннадан 2 мың тоннаға шекем қурылыс шығындылары алып шығылады.

Тек ғана 5-август күни жумысларға 2 мың 732 арнаўлы техника ҳәм 8 мың 996 жумысшы тартылды. Бир суткада 18,2 мың тонна қатты турмыслық ҳәм 304,3 тонна қурылыс шығындылары, яғный дерлик 18,5 мың тонна шығынды алып шығылған.

Техникалардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде анықланған 64 насазлықтан 52 си жеделлик пенен сапластырылып, және 12 техника алмастырылды. Буннан тысқары, 155 техника айрықша жағдайлар ямаса техникалық насазлықлар ушын резервте сақланбақта.

Тәбиятты қорғаў бойынша нызамшылыққа әмел етилиўин қадағалаў даўам етпекте. Шығындылар менен байланыслы 97 нызамбузыўшылық анықланған. Олар бойынша жәми 165,4 миллион сум муғдарында ҳәкимшилик жәриймалар қолланылған.

Ғәрезсизлик байрамы алдынан жәмийетлик орынлар - базарлар, саўда комплекслери, дем алыў бағлары ҳәм дем алыў орынларында тазалықты тәмийинлеў илажлары күшейтилди. Санитариялық тазалаў ҳәм абаданластырыў хызметлери күни-түни жумыс алып барады.

Жаңа оқыў жылы басланыўында тазалық ҳәм қолайлы шараятларды тәмийинлеў мақсетинде мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте оңлаў жумыслары даўамында пайда болған шығындыларды алып шығыў шөлкемлестирилди.

Терек ҳәм путалардың санитариялық шырпылаўдан кейинги шақалары ҳәм терек қалдықлары компостлаўға жибериледи ҳәм кейин ала органикалық төгинлер ислеп шығарыў ушын қолланылады. Соның менен бирге, полигонларды абаданластырыў ҳәм өрттиң алдын алыў бойынша қосымша илажлар көрилмекте.

Халық пенен ислесиў шеңберинде пуқаралардың 327 мүрәжаты көрип шығылды. Соннан 275 и орынларда шешилген, 52 си үйрениў процесинде.

Барлық аймақлардағы жумысшы топарлардың жумысы Республикалық штабтың турақлы қадағалаўында. Көрилип атырған илажлар нәтийжесинде аймақлардың санитариялық жағдайы турақлы дәрежеде сақланып, шығындыларды алып шығыўда системалы үзилислерге жол қойылмаған.

Буннан тысқары, акцияның дәслепки 10 күнинде 137 шығынды полигонына 125 526 тонна шығынды жайластырылды. Арнаўлы техникалар 39 мың 130 қатнаўды әмелге асырды.

"Әҳмийетли 40 күн" улыўма миллий акциясы шеңбериндеги жумыслар тастыйықланған реже тийкарында даўам еттирилмекте.