"Сичуан провинциясы Коммунистлик партия комитетиниң хаткери Ван Сяохуэй мырза менен ушырасыўдан қуўанышлымыз, - деп жазады Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги басшысы өзиниң телеграм-каналында. - Өзбекстан ҳәм Қытай аймақлары арасындағы тиккелей шериклик байланысларының раўажланып атырғаны еки мәмлекет Басшылары тәрепинен белгиленген жоқары шеклерге ерисиўде жоқары нәтийже бермекте. Бүгин биз Наўайы қаласында Наўайы-Сичуан санаат паркин шөлкемлестириўге келисип алдық. Исбилермен топарлары арасындағы және де қызғын ҳәм турақлы байланысларды қоллап-қуўатлаў, компаниялардың базарларымызда жумыс алып барыўы ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў, турақлы алмасыўды тәмийинлеў, жаңа перспективалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы темалар күн тәртибимизден орын алды".
Наўайы қаласында Наўайы-Сичуан санаат парки шөлкемлестириледи
Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов кеше Сичуан провинциясы Қытай Коммунистлик партия комитетиниң хаткери менен ушырасты.
Футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы Атлантага келди
- Онкология хызмети ҳәм паллиатив жәрдем системасы жетилистириледи
- Тўраев Азиз Оппоқовичти "Меҳнат шуҳрати" ордени менен сыйлықлаў ҳаққында
- Таў-кән санааты ҳәм геологияда санлы технологияларды кеңнен енгизиў илажлары көрип шығылды
- Ташкент халықаралық инвестициялық форумына таярлық мәселеси көрип шығылды
- Қала қурылысы ҳәм турақ жай қурылысы тараўын раўажландырыў бойынша жаңа басламалар көрип шығылды