Әсиресе, Мойнақ сыяқлы тарийхтың аўыр сынақларын басынан өткерген, бүгин болса жаңа өмирге қарай исенимли қәдем таслап атырған аймақта жасап атырған болсаңыз, оның ҳәр бир жетискенлиги кеўлиңизде айрықша мақтаныш ҳәм жуўапкершилик оятады.

Бүгинги Мойнақ кешеги Мойнақ емес. Буны санлардан да көбирек адамлар турмысындағы өзгерислер: жаңа жумыс баслаған исбилерменниң көзлериндеги исенимде, өз қыйтақ жеринен дәрамат таўып атырған шаңарақтың қуўанышында, жаңа үйге көшип кирген жас шаңарақтың бахытында, оңланған көше ямаса жаңадан қурылған социаллық объекттен пайда көрип атырған әпиўайы адамлардың турмысында көриў мүмкин.

Ҳақыйқатында да, тарийх Мойнақтың мойнына аңсат болмаған сынақларды жүклеген. Бир ўақытлары пүткил дүнья жүзине балықшылық орайы сыпатында танылған бул аймақ кейин ала Арал апатшылығының аўыр ақыбетлерин басынан кеширди. Бирақ мойнақлылар ҳеш қашан түскинликке берилмеди. Машақатлы, қыйын шараятларда да мийнет етти, перзентлерин тәрбиялады, келешекке исенимин сақлап қалды. Ақырында, Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы ҳәм итибары менен бул жердеги жағдай пүткиллей өзгерди. Бүгин мине, усы сабыр-тақат, мәртлик ҳәм халқымызға тән дөретиўшилик пазыйлетлери жаңа Өзбекстандағы реформалар менен үнлесип, пүткиллей жаңа нәтийжелер бермекте. Ең әҳмийетлиси, адамлардың санасында "күтиў" кейпияты орнын "дөретиў" ҳәм "қурыў" руўхы ийелемекте.

Мәмлекетимиз басшысының Аралбойы аймақларына қаратып атырған айрықша итибары себепли Мойнақта үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Биз бул өзгерислерди ҳәр күни көрип, сезинип турмыз. Жаңа кәрханалар иске қосылмақта, халықтың бәнтлиги тәмийинленбекте, инвестициялар көлеми артып бармақта, мәҳәллелердиң келбети жаңаланбақта.

Бүгин Мойнақ ҳаққында сөз болғанда, тек ғана өтмиштеги машқалаларды емес, ал үлкен мақсетлер, жаңа жойбарлар ҳәм жоқары шеклерди де тилге алыўымыз мүмкин. Кейинги жыллары районымызда барлық тараўда бақланып атырған өсиў ҳәм жаңаланыўлар бул пикирдиң әмелий тастыйығы болып есапланады.

Мойнақта ислеп атырған жуўапкер сыпатында бир ҳақыйқатты ҳәр күни сеземен: адамлардың кейпияты өзгерсе, аймақ та өзгереди. Бүгин мәҳәллелерге барып, адамлар менен сөйлескениңизде олардың гәпинде бурынғыдай тек ғана машқала емес, реже ҳәм мақсетлер де көбирек жаңлап атырғанын сезесиз. Кимдур исбилерменлик баслаў ҳәрекетинде, кимдур қыйтақ жеринен дәрамат алыўды режелестирип атыр, және кимдур перзентиниң келешеги ҳаққында исеним менен айтып атыр. Негизинде, усының өзи үлкен өзгерис.

Усы жылы районымызда кәмбағаллық дәрежесин 6,8 проценттен 3,4 процентке түсириў ўазыйпасы белгиленген. Бүгин бул көрсеткиш 5,2 процентти қурамақта. Бул нәтийжеге аңсатлық пенен ерисилген жоқ. Оның артында ҳәр бир шаңарақ пенен орынланған мәнзилли жумыслар, жаратылған имканиятлар ҳәм адамлардың өз мийнети менен турмысын жақсылаўға умтылыўы тур.

Бизлер еле ислениўи керек болған жумыслар көп екенлигин жақсы билемиз. Соның ушын, жылдың ақырына шекем қалған мүтәж шаңарақларды да турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў бойынша жумысларды даўам еттиремиз. Бүгин адамларға тек ғана материаллық жәрдем бериўдиң өзи жетерли емес. Олардың өзи аяққа турыўы ушын шараят жаратыў әҳмийетли. Яғный қолына балық емес, қармақ бериўимиз зәрүр. Усы мақсетте 9 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылмақта.

Мойнақтың экономикасында инвестициялардың орны үлкен. Себеби ҳәр бир инвестиция жаңа жумыс орны, жаңа өндирис ҳәм жаңа имканият дегени. Усы жылы 484 миллиард сумлық инвестицияны өзлестириў ҳәм 21 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Оның есабынан 256 жаңа жумыс орны ашылады.

Усы күнлерде баҳасы 16,4 миллиард сумлық 6 инвестициялық жойбар иске қосылды. Нәтийжеде 83 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Бул санлар үлкен көринбеўи мүмкин. Бирақ ҳәр бир жумыс орнының артында бир шаңарақтың дәраматы, перзентлериниң билим алыўы ҳәм ертеңги күнге исеними тур.

Районымыз ушын шарўашылық перспективалы бағдарлардан. Сол себепли бул тараўды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Монголиядан 13 мың бас нәсилли қой алып келиў режелестирилген. Бул жойбар келешекте халықтың бәнтлигин, өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Соңғы жыллары Мойнақта ислеп шығарылған өнимлердиң сыртқы базарларға шығыў көлеми де кеңейип бармақта. 2026-жылы экспорт көлемин 26 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Бул өткен жылғыға салыстырғанда 3,5 миллион долларға көп. Ең әҳмийетлиси, алдын экспорт етилмеген айырым бағдарларда да сыртқы базарларға шығыў имканияты жаратылмақта.

Биринши шеректиң жуўмақлары да экономикамызда унамлы пәт сақланып қалып атырғанын көрсетти. Санаат тараўында 165 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды. Хызмет көрсетиў тараўында 121,8 миллиард сумлық хызмет көрсетилди. Аўыл хожалығында болса 28,6 миллиард сумлық өним жетистирилип, жоқары өсиў пәтине ерисилди.

Биз ушын және бир әҳмийетли мәселе халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў болып табылады. Усы мақсетте ҳәр жылы қыс-бәҳәр мәўсими ушын зәрүр азық-аўқат өнимлериниң резерви жаратылады. Бул халықты үзликсиз азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм базарда турақлылықты сақлаўға хызмет етеди.

Мойнақ тарийхый аўыр сынақларды басынан өткерген аймақ. Бирақ бүгин бул жерде пүткиллей басқаша орталық қәлиплеспекте. Адамларда исеним, соған жараса ҳәрекет ҳәм нәтийже бар. Биз мине усы исенимди және де беккемлеў, ҳәр бир шаңарақтың абаданлығы ушын хызмет етиўди өз алдымызға бас мақсет етип қойғанбыз.

Соңғы жыллары Қарақалпақстан, атап айтқанда, Мойнақ сыяқлы алыс ҳәм машақатлы аймақларға қаратылып атырған итибар, тийкарында, ең әҳмийетли тәрепти - инсан қәдирин үстин қойыў идеясын әмелде көрсетпекте. Бул итибардың нәтийжесин биз үлкен есабатларда емес, ал ҳәр бир мәҳәлледе, ҳәр бир шаңарақта, ҳәр бир инсанның турмысында сезип турмыз.

Биз үлкен шеклерге қарай баратырмыз. Алдымызда орынланыўы керек болған ўазыйпалар көп. Бирақ бир нәрсеге гүман жоқ: Мойнақтың келешеги уллы. Себеби бул келешекти мийнеткеш, мәрт ҳәм өз елин шын кеўилден сүйетуғын инсанлар қурмақта.

Бахтияр МЕНГЛИБЕКОВ,

Мойнақ районы ҳәкими