Үш жыл бурын басланған Жаңа Ташкент жойбары шеңберинде мәмлекет инфраструктура ҳәм әҳмийетли социаллық объектлердиң қурылысына үлкен қаржы қаратпақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем жаңа қалаға 2 миллиард доллардан аслам инвестиция киргизилди. Бирақ қурылысқа жеке меншик секторды тартыў пәтлери бар имканиятларға сәйкес емес екенлиги атап өтилди.
Қала ушын жәми 20 мың гектар жер ажыратылған. Биринши басқышта 6 мың гектар майданда 50 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Ҳәзир мың гектардан аслам майданда тийкарынан мәмлекет қаржысы есабынан қурылыс алып барылып атырған болса, исбилерменлерге 94 гектар жер ажыратылған.
- Жаңа Ташкент тек ғана жаңа турақ жайлар қурылатуғын аймақ емес,-деди Президентимиз.
Жаңа қала бизнес, билимлендириў, медицина, туризм ҳәм хызмет көрсетиўди өзине тартатуғын бийғәрез экономикалық орайға айланыўы зәрүр. Усы көзқарастан, инвесторларға ажыратылған жерлердиң үштен еки бөлеги турақ жай жойбарларына туўра келип атырғаны, 28 лотта болса жедел қурылыс басланбағаны көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жағдайды инвесторларда қаржы ямаса қызығыўшылықтың жоқ екенлиги менен түсиндириў дурыс емес екенлигин айтты. Ескише талаплар, созылатуғын руқсат бериў процесслери ҳәм айырым уйымлардың бирге ислесиўши орнына қадағалаўшы сыпатында жумыс ислеўи жойбарларға тосқынлық етпекте. Сонлықтан, исбилерменге жер ажыратыўдан баслап, объектти иске қосыўға шекемги процесслерди қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.
Жылдың ақырына шекем қалада 20 мың квартираны пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Бул кеминде 70 мың адам ушын жаңа жасаў орталығын жаратыўды аңлатады. Президентимиз турақ жайлар менен бир ўақытта халыққа зәрүр дем алыў, спорт, саўда, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер де жолға қойылыўы керек екенлигин атап өтти.
Қалада “FIFA” талапларына жуўап беретуғын 55 мың орынлық стадион қурылмақта. Келеси жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасындағы жәҳән чемпионаты мүнәсибети менен мийманхана, аўқатланыў ҳәм кеўилашар орынларға талапты есаплап, исбилерменлерге анық инвестициялық усынысларды усыныў тапсырылды.
Жаңа қалада исбилерменлик орталығын қәлиплестириўде мәмлекетлик уйымлардың көширилиўи де әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзир Қурылыс, Транспорт ҳәм Энергетика министрликлери бул жерде жумыс алып бармақта, басқа уйымлардың хызметкерлери ушын имаратлар қурылмақта. Қалған министрлик ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң де Жаңа Ташкентке көшиўин баслаў тапсырылды.
Сөйлесиўде қаланың мастер режесин әмелге асырыўда инвесторлардың басламасына кеңирек жол ашыў зәрүрлиги атап өтилди. Қала мәпине хызмет ететуғын өзине тән жойбарлар ушын лот майданы ямаса объект түрин өзгертиў ҳаққындағы усыныслар тез ҳәм анық өлшемлер тийкарында көрип шығылыўы керек. Концепциясы, жойбар ҳүжжетлери ҳәм қурылыс рухсатнамасы алдыннан таярланған майданлар санын көбейтиў ўазыйпасы қойылды.
Ири коммерциялық объектлерди тартыў ушын ашық баслама ҳәм "Swiss challenge" принципи тийкарында жер ажыратыў әмелияты жолға қойылады. Бул процессте инвестор басламасы жәрияланады ҳәм басқа қатнасыўшылар жақсырақ шәрт усыныс етпесе, жер дәслепки басламашыға ажыратылады.
Хызмет көрсетиў ҳәм социаллық объектлер қурылысын хошаметлеў мақсетинде инфраструктура төлемлери қайта көрип шығылады. Базалық ставка саўда, сервис ҳәм бизнес орайлары ушын үш есеге, мийманхана ҳәм туризм объектлери ушын бес есеге, мәденият ҳәм кеўилашар орынлар ушын он есеге азайтылады. Жеке меншик бақша, мектеп ҳәм емлеўханалар ушын төлем бир процент етип белгиленеди. Бул тәртип қурылысы басланған жойбарларға да енгизиледи.
Жаңа Ташкентте "жасыл имарат" стандартларын қолланыўға байланыслы қәрежетлерди жеңиллетиў илажлары да белгиленди. Баҳасы 50 миллион доллардан жоқары болған турақ жай емес жойбарлар ушын "жасыл" сертификат алыў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен толық қапланады. Инвестор сатып алған ҳәр бир жер майданының 30 процентин көклемзарластырыў талабы бул жерде қолланылмайды: қала аймағының 30 процентин жасыл майданға айландырыў бас реже тийкарында мәмлекет тәрепинен тәмийинленеди.
Баҳасы 50 миллион доллардан жоқары болған ҳәр бир жойбарға жуўапкер бириктирилип, ол объект иске қосылғанша инвесторға жәрдемши болады. Бундай жойбарлар бойынша өз алдына инвестициялық келисим дүзилип, онда тәреплердиң миннетлемелери ҳәм жойбардың өзгешеликлерине сәйкес шәртлер белгиленеди.
Жаңа имканиятлардан пүткил мәмлекет исбилерменлери пайдаланыўы ушын пайтахттың ҳәр бир районына ҳәм республиканың қалған 13 аймағына Жаңа Ташкенттен 100 гектардан майдан бириктириледи. Бул жерлер бойынша дәслепки аукционда тийисли аймақ исбилерменлери қатнасады.
Сырт елли инвесторлар ушын болса дәслепки 50 лот белгиленди. Олардың жайласыўы, экономикалық есап-санақлары ҳәм жаратылған имканиятлар сәўлеленген усыныслар пакети дипломатиялық ўәкилханалар арқалы жеткериледи. Министрлерге де ири сырт ел компаниялары менен ушырасыўларда Жаңа Ташкент жойбарларын таныстырып барыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, Самарқанд қаласындағы "Ширин" массиви қурылысы көрип шығылды. Бул жерде жумыслардың төмен дәрежеде баратырғаны сынға алынып, Жаңа Ташкент ушын белгиленген жеңиллик ҳәм имканиятлар бул массивке де енгизилетуғыны белгиленди.
Президентимиз инвесторларды жергиликли ҳәм сырт елге ажыратыўға мүнәсибет билдирип, "Капиталдың, алдыңғы идеяның ҳәм ҳадал мийнеттиң миллети жоқ!" деп атап өтти. Усы мәниде, Жаңа Ташкент ҳәм "Ширин" массиви қурылысында қатнасып атырған ҳәр бир исбилермен елимиздиң раўажланыўына үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы инвесторлар менен сөйлести, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.